Өзбекстан Президенти түркий мәмлекетлердиң бирге ислесиўин раўажландырыўға байланыслы жаңа усынысларды алға қойды

210

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Венгрия Бас министри Виктор Орбанның мирәт етиўине бола 19-21-май күнлери рәсмий сапар менен усы мәмлекетте болды.

Президент Шавкат Мирзиёев 21-май күни Будапешт қаласында Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң рәсмий емес саммитинде қатнасты.

Венгрия Бас министри Виктор Орбанның басшылығында өткен илажда Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоған ҳәм Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң бас хаткери Кубаничбек Омуралиев те қатнасты.

Күн тәртибине муўапық, шөлкем шеңбериндеги көп тәреплемели  байланыслардың бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары бойынша пикир алысылды, әмелий бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.

Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң алдында дүньяда геосиясий ҳәм геоэкономикалық келиспеўшиликлер, регионаллық тартыслар ҳәм климат өзгериўи ақыбетлери күшейип атырған бүгинги қурамалы жағдай жеделлик пенен өзгерип атырғанын атап өтти.

Президентимиз әҳмийетли халықаралық машқалаларды шешиўде, биринши гезекте, халықаралық ҳуқық нормалары ҳәм БМШ Режесине сүйенген ҳалда шөлкем мәмлекетлериниң улыўма көзқараслары менен позицияларын беккемлеў зәрүр екенлигин атап өтти.

Түркий мәмлекетлер шөлкеми шеңбериндеги әмелий бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелерине тоқтап, Өзбекстан жетекшиси бул бағдарда иске қосылмаған үлкен потенциал бар екенлигин көрсетип өтти ҳәм бир қатар жаңа усыныслар билдирди.

Сиясий жақтан Өзбекстан басламасы менен Түркий мәмлекетлер арасында стратегиялық шериклик, мәңги дослық ҳәм туўысқанлық ҳаққындағы келисимге қол қойылыўы үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди. Бул ҳүжжет халықларымызды және де жақынластырыў ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиўдиң узақ мүддетли ҳуқықый базасын беккемлеўге хызмет ететуғынына исеним билдирилди.

Президентимиз саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм транспорт-коммуникациялық бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратты. Атап айтқанда, Шөлкем мәмлекетлериниң улыўма сыртқы саўда айланысында өз-ара саўда үлесин арттырыў мақсетинде “Түрк-трейд” онлайн платформасын жаратыў ҳәм Товар алмасыўды көбейтиў бойынша әмелий бағдарлама қабыл етиў усыныс етилди.

Транскаспий халықаралық коридоры арқалы жүк тасыў көлеминиң өсиўин тәмийинлеў ҳәм бажыхана-шегара тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў мақсетинде мәмлекетимиз басшысы бул жөнелис бойлап “бир айна” ҳәм “жасыл коридорлар” системасын тез пурсатта енгизиўге шақырды. Бул бағдардағы бирге ислесиўди кеңейтиў мақсетинде усы жылы ноябрь айында Ташкент қаласында Түркий мәмлекетлердиң халықаралық мултимодал транспорт ҳәм логистика форумын өткериў режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы Түркий инвестициялық қорының шөлкемлестирилгенин қоллап-қуўатлап, инновациялық жойбарларды қоллап-қуўатлаў ушын Биргеликтеги венчур компаниясы ҳәм Шөлкемге ағза мәмлекетлердиң инвестициялық имканиятларын усынатуғын бирден-бир порталды шөлкемлестириў әҳмийетли екенин атап өтти.

Санаат кооперациясы тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў мақсетинде химия, энергетика, таў-кән, жеңил санаат, фармацевтика, былғары аяқ кийим, азық-аўқат ҳәм қурылыс тармақларында ири өндирис қуўатлықларын шөлкемлестириў бойынша айрықша бағдарлама ислеп шығыў усыныс етилди.

Мәмлекетимиз басшысы климат күн тәртибине тоқтап, жақында Самарқанд қаласында өткен Халықаралық климат форумы даўамында “жасыл” раўажланыў тараўында глобал ҳәм регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў бойынша бир қатар әҳмийетли басламалар алға қойылғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Венгрия Бас министри Виктор Орбанның Будапешт қаласында Қурғақшылықтың алдын алыў институтын иске қосыў басламасы қоллап-қуўатланды. Оның жумысына жәрдемлесиў ҳәм мақсетли жойбарларға кеңирек тартыў ушын «Қурғақшылық ҳәм экологиялық машқалалардың алдын алыў бойынша биргеликтеги жол картасы»н ислеп шығыў усыныс етилди.

Өзбекстан Президенти илим, мәденият ҳәм билимлендириў тараўларындағы бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратты. Ташкент қаласында Түркий мәмлекетлер халықаралық университетиниң ашылыўы шөлкемге ағза мәмлекетлердиң билимлендириў бағдарламаларын әмелге асырыў ҳәм қәбилетли жасларды таярлаўға мүнәсип үлес болатуғыны атап өтилди.

Өзбекстан жетекшиси Халықаралық түркий мәденият шөлкеми – ТҮРКСОЙ жумысы ҳәм структурасын жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығыў және Түркий мәденият қоры кеңесиниң гезектеги мәжилисин Өзбекстанда өткериўди усыныс етти.

Саммит жуўмағында Будапешт декларациясы, сондай-ақ, бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары бойынша басқа да бир қатар ҳүжжетлер қабыл етилди.

Будапешттеги Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң рәсмий емес саммити шеңберинде “Түркий дүня бирлигине қосқан үлеси ушын” Әлийшер Наўайы атындағы халықаралық сыйлықты тапсырыў мәресими болып өтти.

Быйылғы сыйлыққа белгили түрк биохимиги, Нобель сыйлығының лауреаты, Өзбекстан Миллий университетиниң ҳүрметли докторы Азиз Санжар ийе болды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Азиз Санжарды қызғын қутлықлап, абырайлы сыйлықтың илим ғайраткерине тапсырылыўы түркий дүнья илимпазлары, соның ишинде, жасларды жаңа шеклерди ийелеўге илҳамландыратуғынын айрықша атап өтти.

Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң уллы ойшыл ҳәм мәмлекетлик ғайраткер Әлийшер Наўайы атындағы сыйлығы мәмлекетимиз басшысының басламасы менен 2021-жылы шөлкемлестирилген. Ол түркий мәдениятты үгит-нәсиятлаў, тынышлықты сақлаў, қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм исенимди беккемлеў, сондай-ақ, түркий халықлар арасында түрли тараўлардағы бирге ислесиўди кеңейтиўге қосқан айрықша үлеси ушын ҳәр еки жылда бир мәрте тапсырылады.

Сыйлық биринши мәрте 2022-жылы қырғыз жазыўшысы ҳәм жәмийетлик ғайраткер, марҳум Шыңғыс Айтматовқа берилген еди.

Соның менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Венгрияға рәсмий сапары жуўмақланды.

Күнниң екинши ярымында Словения Республикасы Президенти Наташа Пирц Мусардың мирәт етиўине бола Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев өмирлик жолдасы менен биргеликте рәсмий сапар менен Люблянаға келди.

Самолёт алдында мәмлекетимиз басшысын Бас министрдиң орынбасары – сыртқы ислер министри Таня Файон ҳәм басқа да рәсмий шахслар күтип алды.

Йоже Пучник атындағы халықаралық аэропортта уллы мәртебели мийман ҳүрметине еки мәмлекеттиң мәмлекетлик байрақлары көтерилди, ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Сапар бағдарламасына муўапық, 22-май күни Өзбекстан жетекшиси Словения Республикасы Президенти Наташа Пирс Мусар менен сөйлесиўлер өткереди, мәмлекет парламенти ҳәм ҳүкимети басшылары менен ушырасыўлар өткереди, биргеликтеги бизнес форумында қатнасады.

Өз-ара пайдалы саўда-экономикалық шерикликти раўажландырыў, санаат, фармацевтика, электротехника, “жасыл” энергетика, аўыл хожалығы тараўларында кооперация жойбарларын әмелге асырыў, мийнет миграциясы бойынша бирге ислесиў ҳәм гуманитарлық байланысларды кеңейтиў мәселелери көрип шығылады.

ӨзA