Президентимиздиң тапсырмасына тийкарланып халықтың пикир-усынысларын есапқа алған ҳалда, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў ҳәм оларды қыйнап киятырған машқалаларды сапластырыўға қаратылған Ҳүкимет қарары қабыл етилди.

Қарарға муўапық, усы жыл 1-июньнан баслап жол сызықларын басып өтип қағыйдабузарлық ислеў жағдайларын арнаўлы автоматластырылған фото ҳәм видео дизимге алыў программалық-техникалық қураллары арқалы дизимге алыўға жол қойылмайды. Тоқтаў сызығы – “стоп-линия” (5.33 жол белгиси) буған кирмейди.

Яғный, айдаўшы сызықты басып өтсе, бул қағыйдабузарлық фоторадар ямаса видеокамера арқалы белгиленбейди, демек, автомат түрде жәрийма жазылмайды. Бирақ, ЖПХ хызметкери тәрепинен анықланғанда, қағыйдабузарлық белгиленген тәртипте рәсмийлестириледи.