Гүнжи бойынша жаңа жойбар

Турақлы аўыл хожалығы өндирисин хошаметлеў, Аралбойы экосистемасын беккемлеў ҳәм регионның экспорт потенциалын кеңейтиў мақсетинде Аралбойы халықаралық инновация орайы Германияның GIZ халықаралық бирге ислесиў жәмийети, Өзбекстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги менен биргеликте, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жәрдеминде “Қарақалпақстан шараятында гүнжи сортларының селекциясы ҳәм басланғыш туқымгершилигин шөлкемлестириў” кең көлемли жойбарын әмелге асырыўға киристи.
Жойбардың тийкарғы мақсети механизацияласқан өндирис талаплары ҳәм халықаралық базарлардың талапларын есапқа алған ҳалда аймақтың агроклимат шараятларына сәйкес келетуғын гүнжиниң жоқары өнимдарлы сортларын селекциялаўдан ибарат. Гүнжи қурамында 68 процентке шекем май болған баҳалы майлы егин болып, оған азық-аўқат санаатында да, косметологияда да талап жоқары. 1 гектардан 30-35 миллион сумға шекем дәрамат алынады.
Бул жойбар шеңберинде дүньяның 30 дан аслам мәмлекетинен Қарақалпақстанға гүнжиниң 18 үлгиси алып келинди. Олар тийкарында жаңа, шыдамлы ҳәм зүрәәтли сортларды жаратыў бойынша селекция жумыслары алып барылмақта.
Механизация жәрдеминде жыйнап алыўға жарамлы сортларды жаратыўға айрықша итибар қаратылмақта. Онда дәнлериниӊ жарылыўына шыдамлы ҳәм бир тегис писетуғын линиялар таңлап алынды.
Жойбар ҳәм аграр, ҳәм экономикалық тәреплерди қамтып алыўы менен әҳмийетли. Халықаралық базарларда талап жоқары болған гүнжи жетистириў көлемин арттырыў регионның экспорт потенциалын кеңейтиў, инвестициялар ҳәм вальюта түсимлерин тартыў ушын шараят жаратады.
Айрықша бағдарда Қарақалпақстандағы фермер хожалықлары арасында табыслы тәжирийбе ҳәм технологияларды ғалаба ен жайдырыў нәзерде тутылған. Бул климат өзгериўи шараятында аўыл хожалығын турақлы раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин беккемлеўге хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги