ChatGPT – дүньяда ең көп кирилген сайтлардан бири

Жасалма интеллект жәрдемшиси ChatGPT дүнья көлеминде ең көп мүрәжат етилетуғын веб-сайтлар дизиминде бесинши орынды ийеледи.
Сырт ел ғалаба хабар қуралларына сүйенип, “АзерТАЖ”дың жазыўынша, пайдаланыўшылардың ChatGPT веб-сайтында өткерген орташа ўақты 7 минут 15 секундты қурайды. Бир рет киргенде орташа 4,15 бет көрилген. Биринши беттен соң сайттан шыққан оқыўшылар үлеси 29,59 процент.
Рейтингте биринши орынды ” Google ” излеў системасы ийелеп тур: орташа даўамлылық 10 минут 31 секунд, бир ретке 8,91 бет. Системадан дәрҳал шығып кеткенлер 26,57 процент.
” YouTube ” екинши ең белгили веб-сайт сыпатында сеанстың орташа 20 минут 18 секунд даўамлылығын тәмийинлеген. Орташа 13,15 бет оқилган. 20,49 процент мүрәжат етиўши дәслепки беттен-ақ кириў мәнзилин өзгерткен.
” Facebook ” ҳәм ” Instagram ” да қосылған ТОП-3 социаллық тармақ рейтингинде пайдаланыўшылардың орташа қалыў ўақты сәйкес түрде 10 минут 42 секунд ҳәм 8 минут 37 секунд.
ӨзА