Өзбекстанда және еки келисим ратификацияланыўы күтилмекте

326

Сенаттың Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитетиниң мәжилиси болып өтти.

Мәжилисте “Өзбекстан Республикасы менен Бирлескен Араб Әмирликлери арасында пуқаралық ҳәм экономикалық ислер бойынша ҳуқықый жәрдем көрсетиў ҳаққындағы Келисимди (Ташкент, 2024-жыл 27-сентябрь) ратификациялаў ҳаққында”ғы нызам ҳәр тәреплеме додаланды.

Келисимде еки мәмлекет арасында пуқаралық ҳәм экономикалық ислер бойынша ҳуқықый жәрдем көрсетиў мақсетинде бирге ислесиўди жолға қойыў, сондай-ақ, ҳәр еки мәмлекет пуқараларын бир-бириниң аймағында тең ҳуқықый қорғаў менен тәмийинлеў және пуқаралық ҳәм экономикалық мәселелер бойынша суд ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларына мүрәжат етиў имканиятын жаратыў нәзерде тутылған.

Буннан тысқары, пуқаралар арасында жүзеге келиўи мүмкин болған келиспеўшиликлерди шешиў, суд ҳүжжетлерин тән алыў ҳәм орынлаў сыяқлы мәселелер бойынша ҳуқықый жәрдем көрсетиў тәртиби бар.

Сенаторлар келисимниң ратификацияланыўы еки мәмлекет арасында пуқаралық ҳәм экономикалық тараўларда ҳуқықый жәрдем көрсетиўге қаратылған бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет ететуғынын атап өтти.

Мәжилисте “Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң Пуқаралық қорғаныў механизмин шөлкемлестириў ҳаққындағы Келисимди (Бишкек, 2024-жыл 6-ноябрь) ратификациялаў ҳаққында”ғы нызам да көрип шығылды.

Келисимде шөлкемге ағза мәмлекетлердиң айрықша жағдайлар уйымлары арасында нәтийжели бирге ислесиўди жолға қойыў, тәбийғый апатшылықлар ўақтында оператив излеў-қутқарыў жумысларын муўапықластырыў, бул тараўдағы мониторинг, таллаўлардың нәтийжелерин және өз-ара тәжирийбе алмасыўды системаластырыў ҳәм өз-ара жәрдем арқалы бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтериў сыяқлы мәселелердиң ҳуқықый тийкарлары менен механизмлери белгиленген.

Сенаторлардың пикиринше, бул нызамның қабыл етилиўи мәмлекетимизде айрықша жағдайларға таярлық илажларын және де нәтийжели шөлкемлестириўде, тәбийғый апатшылықлар ақыбетинде жүзеге келетуғын социаллық-экономикалық машқалаларды сапластырыўда ҳәм регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеўде мәмлекетлераралық аўызбиршилик ҳәм бирге ислесиўге тийкар болады.

Сенаторлар, халық депутатлары жергиликли кеңеслериниң турақлы комиссияларының ағзалары, қәниге ҳәм экспертлер және ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасқан мәжилис жуўмағында комитеттиң тийисли қарарлары қабыл етилди.

Н.Абдураимова,

ӨзА