Балаларға машинаны басқарыўды бергенлиги ушын жуўапкершиликти күшейтиў бойынша нызам жойбары таярланады – Президент

416

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында мектеп билимлендириўи системасындағы реформалардың нәтийжелилигин және де арттырыў ҳәм келешектеги тийкарғы ўазыйпалар бойынша видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.

Ҳәзирги ўақытта 7-11-класс оқыўшылары күнине 8 саатқа шекем ўақытын телефонда социаллық тармақларда өткерип атырғаны мектеп директоры ҳәм муғаллимди де, ата-аналарды да ойландырыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.

Ўәлаятларда, әсиресе, Наманганда оқыўшыларға автомобильди ижараға бериў ҳәўиж алғаны ақыбетинде, ҳәр айда 10-15 жас майып болып қалмақта. Өлим менен жуўмақланып атырған жағдайлар да көп.

Ишки ислер баслықлары, ўәлаят, район прокурорлары нызам үстинлигин тәмийинлеўде немқурайдылыққа жол қойып атырғаны көрсетип өтилди.

Усы мүнәсибет пенен балаларға машинаны басқарыўды бергенлиги ушын жуўапкершиликти күшейтиў бойынша нызам жойбарын таярлаў тапсырылды.

– Биз мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи системасында үлкен өзгерис ислей алдық. Бирақ, еле шешимин күтип атырған көплеген машқалалар бар,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигине пүткил системасы менен “айрықша тоқсан күнлик” тәртибинде ислеўге өтиў тапсырылды.

ӨзА