Халықтың усыныс ҳәм басламалары қоллап-қуўатланбақта

235

Өзбекстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри Ботир Зоҳидов республикамызға сапары етиў  шеңберинде аймақларда жумыс орынларын жаратыў, халықты бәнт етиў, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм турмыс шараятларын жақсылаў бойынша алып барылып атырған жумыслар менен жақыннан танысты.

Сапар Тахтакөпир районынан басланды. Министр райондағы “Өзбекстан” мәҳәллесинде жайласқан Сайхунабад тәжирийбеси тийкарында жумыс алып барып атырған Б.Усақовтың шаңарағында әмелге асырылған жумыслар менен танысты. Бул шаңарақта халықтың дәраматын арттырыў ҳәм қыйтақ жерлерден үнемли пайдаланыў бойынша инновациялық жойбарлар әмелге асырылмақта. Сондай-ақ, райондағы ҳәким жәрдемшилериниң әмелге асырған жойбарлары менен жақыннан танысты.

Буннан соң “Дәўқара” мәҳәллесиндеги “Қаратерең” экотуризм комплекси бойында әмелге асырылған жумысларды көзден өткерди. Бул аймақта экологиялық теңсалмақлылықты сақлаў, жергиликли туризмди раўажландырыў ҳәм халықты бәнт етиў бойынша әмелге асырылған илажлар ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Сапар даўамында қыйтақ жерден үнемли пайдаланып, шаңарақлық дәраматларын арттырыўда белсене қатнасып атырған қыйтақ жер ийелери менен ашықтан-ашық сөйлесиўлер өткерилди. Олар өз тәжирийбелери менен ортақласты, бар машқалалар ҳәм шешимлер ҳаққында пикир алысылды. Министрдиң бул ушырасыўлары адамлардың исбилерменлик көнликпелерин арттырыў, өз мийнетинен көбирек дәрамат алыў имканиятларын кеңейтиў ушын әҳмийетли қәдем болды.




Министр республикамызға сапары даўамында аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықты жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыўға қаратылған илажларды және де күшейтиў керек екенлигин атап өтти. Сондай-ақ, халықтың усыныс ҳәм басламаларын  қоллап-қуўатлаў, исбилерменликти раўажландырыў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша қосымша илажлар додаланды.

Кейинги мәнзил Шымбай районы болды.

                                                                            Қарақалпақстан хабар агентлиги