Категория бериў системасыныӊ ашық-айдын, санластырылған платформаға өткени ҳақыйқый жағдайды көрсетти

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында мектеп билимлендириўи системасындағы реформалардың нәтийжелилигин және де арттырыў ҳәм келешектеги тийкарғы ўазыйпалар бойынша видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.
Мәмлекетимиз басшысы тараўдағы бар машқалаларға тоқтап өтти.
Билимлендириў бағдарламалары ең алдынғы мәмлекетлердиң тәжирийбесине бейимлестирилмекте, сабақлықлар жаңаланбақта, мектеплерге заманагөй үскенелер алып берилмекте.
Бирақ системадағы муғаллимлердиң жаңа методикаларды өзлестириўи, билимлендириўдиң сапасын тәмийинлеў дәрежеси сораў астында.
Мәселен, еки жыл алдын категория бериў системасы ашық-айдын, санластырылған платформаға өткени ҳақыйқый жағдайды көрсетти.
Соның ишинде, өткен жылы 341 мың муғаллим жаңа система тийкарында категорияға тапсырған болса, соннан 102 мыңы имтиханнан өте алмағаны атап өтилди.
Жумысқа қабыл етиўде дипломға қарап емес, билим ҳәм маманлықты баҳалаў системасына өтилди. Бул жаңа система арқалы имтихан етилген 13 мың талабаннан 6 мыңыныӊ билими қанаатландырарсыз болғаны ушын жумысқа кире алмады.
Ямаса 61 жеке меншик жоқары оқыў орнында педагог-кадрлар оқытылып атырғаны менен ҳеш биринде химия, биология ҳәм физика бойынша муғаллим таярланбайды.
ӨзА