Токио қаласында IT Park Өзбекстанның ўәкиллик офиси ашылды

Хабар берилгениндей, Санлы технологиялар министрлиги делегациясының Японияға сапары шеңберинде бир неше IT компаниялар менен бирге ислесиў келисимлерине ерисилди.
Ушырасыўларда еки мәмлекет ушын да IT тараўын және де раўажландырыўда пайдалы болатуғын жойбарлар додаланды. Әсиресе, МКТ тараўындағы қәбилетли жаслардың басламаларын қоллап-қуўатлаў, олардың маманлығын арттырыў, тараўға және де қызықтырыў мәселелерине айрықша тоқтап өтилди.

Сапар даўамында ерисилген жаңалықлардан және бири Токио орайында IT Park Өзбекстанның ўәкилликли офисиниң ашылыўы болды. Бул илаж Өзбекстан ҳәм Япония арасында IT тараўындағы бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм және де кеңейтиў мақсетинде шөлкемлестирилди.
Қәнигелердиң мағлыўмат бериўинше, ўәкилхана офисин ашыўдан тийкарғы мақсет – Япония компаниялары менен IT-аутсорсинг, инвестиция ҳәм билимлендириў тараўларында бирге ислесиўди раўажландырыў, IT Parkтиң имканиятлары ҳаққында тиккелей мағлыўмат бериў және Япония базарындағы бизнес шериклер ушын исенимли байланыс орнын жаратыўдан ибарат.

Мәресим шеңберинде IT Parkтиң Япония базарындағы режелери, IT хызметлери, салық жеңилликлери ҳәм кадрлар таярлаў бағдарламалары ҳаққында презентация өткерилди.
Сондай-ақ, IT Park ҳәм “Digital Knowledge” компаниясы арасында ўәкилликли офистиң жумысын биргеликте жолға қойыў, Япония компаниялары менен байланысыў ҳәм оларды Өзбекстанның IT базарына тартыў бағдарында бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.

IT Parkтиң Токио қаласындағы ўәкиллик офиси Япония компаниялары ушын исенимли байланыс орны, резидент компаниялар ушын болса жаңа бирге ислесиў есиги ўазыйпасын атқарады. Бул баслама еки мәмлекет арасындағы IT, билимлендириў ҳәм инновация тараўларындағы байланысларды жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етеди.
ӨзА