Министр: мүнәсип мийнет ҳақы коррупцияның  алдын алады

240

Алдын хабар берилгениндей, парламент  төменги палатасының гезектеги «Ҳүкимет сааты»нда дене тәрбия ҳәм спортты ғалаба ен жайдырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша депутатлардың сораўларына спорт министри Адҳам Икромов  жуўап берди.

Сөйлесиўлерде  депутат С.Азимов тараўда коррупцияның алдын алыў бойынша қандай илажлар көрилип атырғаны менен қызықты. Оған жуўап ретинде министр төмендегилерди атап өтти:

– Коррупцияға қарсы  ең жақсы қурал санластырыў болып есапланады. Бул тараўда тараў шөлкемлеринде системалы жумыслар исленди. Соның ишинде, министрлик жанында «Санлатсырыў  ҳәм сертифакатлаў орайы»ның  жумысы жолға қойылып, соңғы үш жылда 24 бағдардағы мәлимлеме системаларын өзинде бирлестирген  “ERP-Спорт” бирден-бир электрон платформасы иске қосылған.

Спорт паспортларын бериўде де бир айна арқалы, инсан факторысыз бериў жолға қойылды.

Тараўда мүнәсип мийнет ҳақы болыўы керек. Бул бағдарда да белгили жумыслар исленбекте. Жақсы тренерлеримиз 4,5 миллионнан 10-11 миллионға шекем айлық алады. Аўыл, район шараятында бул жақсы нәтийже. Мүнәсип мийнет ҳақы, мүнәсип хошаметлеў коррупцияның алдын алады, әлбетте. 21 министрлик арасында Спорт министрлиги коррупцияға қарсы гүресиў бойынша рейтингте 4-орында турады. Министрлигимиз коррупциядан жырақ шөлкемлер арасында ең жақсы көрсеткишлер менен көтерилмекте, – деди министр.

Муҳтарама Комилова, ӨзА