Шет тиллерин оқытыў бойынша ең жақсы мектеплер анықланды

263

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң арнаўлы қарары тийкарында, усы жылдың 25-апрель сәнесинде «Шет тиллерин оқытыў бойынша ең жақсы мектеп» таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышы өткерилген еди.

Таңлаўға республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан дәслепки басқышта жеңимпаз болған мектеплер қатнасты.

Белгиленген шәртлер тийкарында өткерилген таңлаў нәтийжелери 14-май күн анықланып, Кегейли районындағы 55-санлы мектеп командасы 74,8 балл менен таңлаўдың Қарақалпақстан Республикалық басқышының жеңимпазына айланды.

Ал, екинши орынды Әмиўдәрья районындағы 40-санлы мектеп, сыйлы үшинши орынды Қоңырат районындағы 47-санлы мектеп жәмәәтлери ийелеўге миясар болды.

Таңлаў жуўмағында, биринши орын ийеси Кегейли районындағы 55-санлы мектеп командасы 250 млн сум ақша ийесине айланып, таңлаўдың Өзбекстан Республикалық басқышына жолламаны қолға киргизди.

Ал, екинши ҳәм үшинши орын ийелери 200 ҳәм 150 млн сум қаржы менен сыйлықланатуғын болды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы