Нызамшылықтағы жаңа өзгерислер таныстырылды

254

Әмелдеги нызамшылық талапларын билиў ҳәм оларға әмел етиў бажыхана нызамшылығының бузылыўы менен байланыслы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға хызмет етеди.

Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы шеңберинде “Нөкис-аэропорт” шегара бажыхана посты арқалы ҳәрекетленип атырған пуқараларға бажыхана нызамшылығындағы өзгерислер ҳәм жаңаланыўлар бойынша түсиник жумыслары алып барылды.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 19-апрельдеги “Айырым түрдеги товарларды бажыхана шегарасы арқалы алып өтиў тәртибин буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы қарарының талаплары тийкарында ҳаўа транспортында физикалық тәреплер жағынан жеке мүтәжликлери ушын коммерциялық емес мақсетлерде республикаға алып кирилетуғын товарларды бажысыз алып кириў нормасы 1000 АҚШ доллары муғдарында белгиленгени, усы муғдардан артқан товарлар ушын белгиленген тәртипте бажыхана төлемлериниң өндирилиўи бойынша түсиндириў жумыслары алып барылды.

Сондай-ақ, пост хызметкерлери тәрепинен физикалық тәреплердиң елимизге бажысыз алып киретуғын ҳәм оннан бажысыз алып шығатуғын айырым товарлардың муғдары, нормалары көргизбели қураллар тийкарында таныстырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги