Шаңарақлар жарысында жеңимпазлар анықланбақта

280

Шоманай районындағы Тазабазар мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан жасыл қапламалы майданшада райондағы аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларындағы шаңарақлардың қатнасыўында “Саламат шаңарақ ушын бирлесейик!” сүрени тийкарында  спорт жарысы өткерилди.

Илажға, район ҳәкиминиң орынбасары, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң баслығы Т.Қаллықылычова, “Нураный” қоры районлық бөлиминиң баслығы Д.Нийетуллаев, Республика руйхый-ағартыўшылық орайы районлық бөлиминиң баслығы И.Алланиязов, Жаслар ислери агентлиги районлық бөлиминиң баслығы Ф.Ходжабаевлар қатнасты.

Атап өтилгениндей, елимизде 15-май – Халықаралық шаңарақ күни ретинде кең түрде  байрамланады. Шаңарақлардың тынышылығын, татыўлығын, ата-аналардың перзент тәрбиясындағы жуўапкершилигин арттырыў менен байланыслы көплеген илажлардың өткерилиўи – бул елимизде шаңарақларға қаратылып атырған итибар ҳәм ғамхорлықтың анық белгиси есапланады.

Спорт жарысында белгиленген 3 шәрт бойынша шаңарақлар өз-ара беллести.

Жарыс жуўмағында Дийқанабад аўыл пуқаралар жыйынынан Халмуратовлардың шаңарағы биринши, Нарбаевлардың шаңарағы екинши, Бегжап аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан Атаниязовлардың ҳәм Бирлешик аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан Мамановлардың шаңарағы үшинши орынды жеңип алыўға мияссар болды.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги