Районда еки мыңнан аслам хожалықтың газ тәмийнаты жақсыланады

277

«Ҳудудгаз Қарақалпақстан» газ тәмийнаты филиалының «Қурылыс монтажлаў» басқармасы ҳәм Хожели районлық газ тәмийнаты бөлими тәрепинен район аймағындағы газ тармақларын гүзги-қысқы мәўсимге таярлаў бойынша белгилеп алынған реже тийкарында қурылыс-реконструкциялаў жумыслары алып барылмақта.

Райондағы Жаңажап аўыл пуқаралар жыйыны тутыныўшылары қыстың аязлы күнлери газ басымы менен байланыслы машқалаға дус келетуғын еди.

– Ҳәзирги ўақытта усы аймақтағы 1 километрлик узынлықтағы диаметри 159 миллиметрлик газ тармақларын жер астынан жер үстине шығарып ҳәм қосымша жаңадан узынлығы 1,1 километрлик, диаметри 100 миллиметрлик газ тармақларын жаңадан тартыў жумысларын алып бармақта,-дейди Хожели районлык газ тамийнаты бөлиминиң бас инженери Бектурсын Жуматов.

Сондай-ақ, район аймағындағы Мәденият мәкан пуқаралар жыйыны менен Мустақиллик аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы тутыныўшыларды тәбийғый газ бенен тәмийинлеўши диаметри 159 мм, узынлығы 1,7 км. болған орта басымлы жер асты газ тармақларын жер үстине шығарыў жумысларын да алып барып, бул жумыслар бүгинги күнге келип жуўмақланыў алдында.

Тез арада бул еки объекттеги қурылыс реконструкция жумыслары жуўмақланса усы аймақтағы еки мыңға шамалас хожалықлардың газ тәмийнаты жақсыланып, ең тийкарғысы газ тәмийнатынадағы техникалық шығынлардың алды алынады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги