МҚХ Саll-орайы иске түсти

Өзбекстан Республикасының “Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ҳаққында”ғы Нызамына муўапық, МҚХ ўәкилликлерине киргизилген мәселелер бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын жедел түрде қабыл етиў мақсетинде Саll-орай жумыс баслады.
Саll-орайға 1520 қысқа номери арқалы қоңыраў етиў мүмкин.
Атап айтқанда, төмендеги мәселелер бойынша мүрәжатлар қабыл етиледи:
– Өзбекстан Республикасының конституциялық дүзими, суверенитети ҳәм аймақлық пүтинлигине болған ҳүжимлер ҳаққында;
– Мәмлекет шегарасының қорғалыўы ҳәм қорғалыўына болатуғын қәўиплер;
– Қураллы Күшлер ҳәм қорғаў-санаат комплексинде мәмлекет қәўипсизлигине болатуғын қәўиплер;
– терроризм, экстремизм, шөлкемлескен жынайый топарларға тийисли;
– қурал-жарақ, нәшебентлик қураллары ҳәм психотроп затлардың нызамсыз айланысына байланыслы жынаятлар ҳаққында;
– мәмлекет мәплерине қәўип туўдыратуғын коррупция ҳәм экономикалық жынаятлар бойынша;
– миллий, этникалық ҳәм диний қарама-қарсылықты үгит-нәсиятлаў;
– мәмлекет мәплери ҳәм қәўипсизлигине қәўип туўдырыўшы ҳуқықбузарлықлардың ислениўине байланыслы басқа да мағлыўматлар.
Соның менен бирге, Жынаят-процессуаллық кодекстиң 345-статьясында белгилеп қойылған ҳәм тергеўи МҚХ ўәкиллигине киргизилген Жынаят кодексиниң 150-163, 182, 223, 246-статьяларында нәзерде тутылған жынаятларға байланыслы мәселелер бойынша мүрәжатлар қабыл етиледи.
Мүрәжат еткен пуқаралардың шахсы сыр сақланыўы кепилленеди.
Ҳүрметли пуқаралар, еслетип өтемиз “Физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиӊ мүрәжатлары ҳаққында”ғы Нызамның 38-статьясына тийкарланып, усы нызамды бузыў, сондай-ақ, жала ҳәм ақыретлеўден ибарат мүрәжат бергени белгиленген тәртипте жуўапкершиликке себеп болады.
Әзиз ўатанласлар әтирапыңызда болып атырған нызамбузыўшылықларға бийпәрўа болмаң, 1520 номерине қоңыраў етиң!
Умытпаң! Ўатанымыздың тынышлығы ҳәм татыўлығын сақлаўда ҳәр бир пуқараның қатнасыўы әҳмийетли есапланады.
ӨзА