Өзбекстанда биринши мәрте робот жәрдеминде бас мий биопсиясы әмелге асырылды

224

Миллий медицина орайында заманагөй нейрохирургиялық робот -“B Remebot” жәрдеминде Өзбекстанда биринши мәрте бас мий аймағынан биопсия алыў операциясы табыслы әмелге асырылды.

Бул инновациялық технология арқалы өткерилген операция жоқары анықлық, минимал зыян ҳәм наўқастың денсаўлығына ең аз қәўип пенен орынланды. Робот мий тоқымаларынан анализ ушын зәрүр үлгилерди анық ҳәм қәўипсиз түрде алыў имканиятын берди.

Орай қәнигелериниң сөзлерине бола, “B Remebot” роботы жәрдеминде енди мий өспелерин анықлаў ҳәм алып таслаў, Епилепсия ҳәм Паркинсон кеселлигин емлеў, мий қан тамыр кеселликлери, жарақатлар ҳәм қурамалы диагнозларды анықлаў мүмкин болады. Бул, нейрохирургия тараўында үлкен қәдем болып, наўқаслар ушын жаңа имканият болып есапланады.

Моҳигул Қосимова, ӨзА