Сүтти қайта ислеўши кәрханаларды шөлкемлестириў ушын 250 мың долларға шекем жеңиллетилген кредитлер ажыратылады

Президенттиң тийисли қарары менен “Өзбекстанның сүт жетистириў тараўында қосымша қун шынжырын раўажландырыў (2-басқыш) ” жойбарының тийкарғы мақсетли көрсеткишлери белгиленди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлиги хабар берди.
Қарарға тийкарланып, Жиззақ, Қашқадәрья, Сырдәрья, Самарқанд ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларында жәми 320 мәҳәллеге, сүт жетистириўши 12 мың халық ҳәм дийқан хожалығына хызмет көрсетиўши 100 сүт жыйнаў пункти шөлкемлестириледи.
Сондай-ақ, 865 халық ҳәм дийқан хожалығына сүтти қайта ислеўши кәрханаларды шөлкемлестириў ҳәм модернизациялаў ушын 250 мың АҚШ долларына шекем жеңиллетилген кредитлер ажыратылады.
Буннан тысқары, сүт жетистириўшилер ҳәм сатып алыўшыларды бирлестиретуғын Миллий сүт өнимлери платформасы программалық тәмийнатын иске қосыў нәзерде тутылған.
Жойбарды әмелге асырыў дәўири 7 жыл (2025-2031-жыллар) етип белгиленгенин атап өтиў керек.
Қарақалпақстан хабар агентлиги