Спорт жарысын шөлкемлескенлик пенен өткериў мәселеси додаланды

305

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде «Жаңа Өзбекстан Олимпиада шоққылары» спорт жарысларын өткериўге бағышланған мәжилис болып өтти.

Мәжилиске министрлик ҳәм шөлкем басшылары, қала ҳәм район ҳәкимлери менен тийисли мәкемлердиң жуўапкер ўәкиллери қатнасты.

Өткерилген мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы Фарҳад Эрманов соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң басшылығында спортты, соның ишинде, балалар спортын раўажландырыўға қаратылып атырған итибар ҳәм қоллап-қуўатлаўлар ҳаққында айтып өтип, мәмлекетимизде биринши мәрте өткерилип атырған «Жаңа Өзбекстан Олимпиада шыңлары» спорт жарысы жасларымыздың өз шеберликлерин көрсетиўинде әҳмийетли орын тутатуғынлығына айрықша тоқталды.

Мәжилисте тийкарынан республикамыз аймақларында жарысларды өткериўге таярлық дәрежеси, «Жаңа Өзбекстан Олимпиада шыңлары» спорт жарысын Қарақалпақстан Республикасында басқышпа-басқыш шөлкемлестириў ҳәм республикалық финал басқышына таярлық көриў, жарыстың өткерилиў тәртиби, спорт инвентарлары менен тәмийинлениўи, спортшыларды таярлаў системасы, жарысларда республикамыз спортшыларының мүнәсип қатнасыўы ҳәм әмелге асырылыўы тийис илажлар ҳәр тәреплеме көрип шығылып, бул бойынша тийисли ўазыйпалар белгилеп алынды.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, «Жаңа Өзбекстан Олимпиада шоққылары» спорт жарыслары 15-17 жастағы жаслар арасында спорттың таэквондо WT, дзюдо, еркин гүрес, грек-рим гүреси, жеңил атлетика, стол тенниси, аўыр атлетика, көркем гимнастика ҳәм баскетбол 3х3 түрлеринен 3 басқышта болып өтеди.

Жарыстың ўәлаятлық ҳәм Қарақалпақстан Республикасы басқышының жеңимпазлары жыл жуўмағында Ташкент қаласындағы Олимпиада қалашасында 3-басқыш сыпатында өткерилетуғын «Президент олимпиадасы» спорт жарысларында қатнасады ҳәм спорт жарыслары жеңимпазлары баҳалы саўғалар менен сыйлықланады. Сондай-ақ, биринши ҳәм екинши орынды қолға киргизген спортшылар Республикалық Олимпиада ҳәм Паралимпия спорт түрлерине таярлаў орайына қабылланады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы