Аймақларда исбилерменлер ушын микросанаат орайлары шөлкемлестириледи

Президенттиң усы жыл 17-январьдағы ПҚ-12-санлы қарары менен 2025-2026-жылларда Қарақалпақстан, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында микросанаат орайларын қурыў жойбарларының мәнзилли дизими тастыйықланған еди.
Ҳүкиметтиң жақында қабыл етилген 308-санлы қарары менен микросанаат орайлары ушын жер участкаларын ажыратыў ҳәм оларда исбилерменлик субъектлерин жайластырыў тәртиби ислеп шығылған.
Микросанаат орайлары аймақлардың қәнигелесиўи ҳәм исбилерменлик дәстүрлери (аймақлардың драйвери), жоқары дәраматлы жумыс орынларын жаратыў, сондай-ақ, сырт мәмлекетлердиң (Қытай, Қубла Корея, Түркия) тәжирийбесин есапқа алған ҳалда ислеп шығылатуғын айрықша концепция тийкарында қурылатуғыны белгиленди.
Микросанаат орайларында өнерментшилик, тигиўшилик, аяқ кийим, кондитерлик ҳәм басқа да исбилерменлик жумысы түрлери менен шуғылланатуғын киши ҳәм орта исбилерменлик субъектлери жайластырылады.
Микросанаат орайларына өндирислерди жайластырыўда тәбийғый газге альтернатив болған жанылғы түрлеринен ҳәм энергия үнемлеўши технологиялардан (гелиоколлектор, ыссылық насосы, қуяш панельлери, ыссылықты қайта тиклеў-рекуперциялаў ҳәм басқалар) пайдаланыўға үстинлик бериледи.
Микросанаат орайларын қурыў ушын жер участкалары интакер жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлерге электрон онлайн-аукцион саўдалары арқалы сатылады.
Ҳүжжет пенен Аймақларда микросанаат орайларын қурыў ҳәм оларға киши ҳәм орта исбилерменлик субъектлерин жайластырыў бойынша жумысшы топарлардың үлги қурамы тастыйықланды,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги