«Алтын қәлем» XIX Миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаўда хошаметлеўши номинациялар енгизиледи

373

Хабар берилгениндей, Өзбекстан Журналистлер аўқамы тәрепинен «Алтын қәлем» XIX Миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаў жәрияланды.

Таңлаў 5 тийкарғы номинация – телевидение, радио, баспа басылымлар, интернет басылымлары ҳәм «Сырт ел журналистиниң Өзбекстан ҳаққындағы ең жақсы материалы ушын» бағдарлары бойынша өткериледи.

Сондай-ақ, таңлаўда төмендеги хошаметлеўши номинациялар енгизиледи:

  1. «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономиканы үгит-нәсиятлаўшы ең жақсы материаллар ушын»
  2. «Мәмлекетлик тилди раўажландырыў, абырайын және де арттырыўға бағышланған ең жақсы аналитикалық материаллар»
  3. «Жаслар турмысына байланыслы ең жақсы материаллар ушын»
  4. «ҒХҚда жәрияланған ең жақсы миллий контент (материаллар) ушын»
  5. «Әҳмийетли темадағы ең жақсы сын көзқарастағы-аналитикалық материаллар ушын»
  6. «Публицистикалық жанрдағы ең жақсы китап ушын»
  7. «Спорт тараўы сәўлелендирилген ең жақсы материаллар ушын»
  8. «Пуқаралық жәмийети институтлары жумысына бағышланған ең жақсы материаллар ушын»
  9. «Ең жақсы фоторепортаж ушын»
  10. «Шаңарақ ҳәм мәҳәллениӊ бирге ислесиўи бойынша ең жақсы жарытылған материаллары ушын»
  11. «Тәлим-тәрбия тараўындағы реформалар жарытылған ең жақсы материаллар ушын»
  12. «Улыўма миллий тынышлықты үгит-нәсиятлаў ҳәм беккемлеўге қаратылған ең жақсы материаллар ушын»

Таңлаўдың хошаметлеўши 12 номинациясы жеңимпазлары диплом, «Алтын қәлем» статуэткасы ҳәм базалық есаплаўдың 100 есеси муғдарында ақшалай сыйлық пенен сыйлықланады.

Таңлаўда ҳәр бир қатнасыўшының 2024-жыл 30-апрельден 2025-жыл 30-апрельге шекем баспа ҳәм интернет басылымларында жәрияланған, радио ҳәм телевидениеде эфирге жиберилген 5 еўден 7 еўге шекем материаллары көрип шығылады.

«Публицистикалық жанрдағы ең жақсы китап ушын» хошаметлеўши номинациясы бойынша таңлаўда қатнасыў тилегинде болғанлар Өзбекстан Журналистлер аўқамына китабынан бир дана береди.

Еслетпе: таңлаў төрешилер коллегиясының усынысы менен хошаметлеўши номинациялардың аты өзгериўи мүмкин.

ӨзА