Реимбурсация бағдарламасы: 2025-жылдың биринши шерегинде дерлик жети ярым миллиард сумлық дәри-дәрмақлар бийпул берилди

242

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2013-жылдағы тийисли қарары менен амбулатор емлениўде дәри-дәрмақлар менен жеңиллетилген тәмийинлениў ҳуқықына ийе болған 14 категориядағы шахслардың дизими белгиленген.

2025-жылдың биринши шерегинде бул дизимдеги шахсларға “Дори-дармон” акционерлик компаниясы ҳәм оның системасындағы жәмийетлерге қараслы дәриханалар арқалы 7 миллиард 446 миллион сумнан аслам дәри-дәрмақлар ҳәм медициналық буйымлар бийпул берилген.

Буннан тысқары, усы дәўир даўамында компания ҳәм оның системасындағы жәмийетлердиң реимбурсация бағдарламасына жалғанған дәриханалар арқалы жәми 1 миллиард 278 миллион сумлық дәри-дәрмақлар наўқасларға электрон рецепт арқалы бийпул жеткерилди.

Мағлыўмат ушын, реимбурсация бағдарламасы шеңберинде гипертония ҳәм жүрек ишемик кеселлиги, қантлы диабеттиң 2-түри, бронхиал астма, өкпениң созылмалы обструктив кеселлиги менен диспансер қадағалаўында турған наўқаслар шаңарақлық шыпакерлерге мүрәжат етип, электрон рецепт тийкарында дәриханалардан 27 түрдеги дәрилерди бийпул алыўы мүмкин.

ӨзА