Нызамсыз диний сабақ бергенлер жынайый жуўапкершиликке тартылады

272

Нызам жойбарына шолыў

Елимизде жас өспирим балаларға нызамсыз диний сабақ бериў жағдайлары жылдан-жылға көбейип бармақта. Атап айтқанда, ҳәзирги ўақытта социаллық тармақлар арқалы виртуал диний билим бериў жағдайлары көбеймекте.

Оған себеп нызамсыз диний билим бериў жумысы жоқары дәрамат келтиреди. Сондай-ақ, нызамшылықта нызамсыз диний билим бергени ушын белгиленген жаза илажлары жеңил. Бул болса ҳуқықбузыўшылар тәрепинен усы түрдеги ҳуқықбузарлықты қайта ислеў жағдайларын келтирип шығармақта. Яғный, ҳуқықбузыўшыға қолланылған жаза шарасы исленген қылмысқа салыстырғанда жеңиллиги қайтадан ислениўине себеп болмақта.

Соннан келип шығып, бала ҳуқықларының кепилликлерин буннан былай да беккемлеў, балалардың ҳәр тәреплеме камалға келиўи ҳәм абаданлығы ушын барлық шараятларды жаратыў мақсетинде Жынаят кодексине олардың билим алыў ҳуқықын буннан былай да беккемлеўге қаратылған қосымша киргизилмекте. Олий Мажлис Нызамшылық палатасының күни кеше болып өткен мәжилисинде қабыл етилген “Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 229/2-статьясына қосымша киргизиў ҳаққында”ғы нызам жойбары усы мәселеге қаратылған.

Бул ҳүжжет жойбары ҳаққында депутат Абдулло Аслонов төмендегилерди атап өтти:

– Жас өспирим балаларға нызамсыз диний сабақ бериў жағдайларының көбейип атырғаны ҳәр биримизди тәшўишке салады. Мағлыўматларға қарағанда, соңғы 5 жылда 13 мыңға шамалас бала нызамсыз диний билим алған. Оларға тийкарынан “өжире”лерде, сондай-ақ, Интернет жәҳән мәлимлеме тармағы арқалы, шет тиллерин үйретиў нықабы астында ашылған тил үйретиў орайларында диний билим берилгенлиги анықланған.

Жынаят кодексиниң 229/2-статьясына киргизилип атырған қосымшаға бола, арнаўлы диний мағлыўматы болмай турып ямаса жеке тәртипте диний тәлийматтан сабақ бериў жас өспирим шахсқа қарата исленген болса, тиккелей жынайый жуўапкершилик белгиленбекте. Бул тәртиптеги ҳуқықбузарлықларды ислеген шахсларға базалық есаплаў муғдарының 50 есесинен 100 есесине шекемги муғдарда жәрийма ямаса 360 саатқа шекем мәжбүрий жәмийетлик жумыслар ямаса 3 жылға шекем еркинен айырыў жазасы қолланылыўы нәзерде тутылмақта.

Бул нормалар бала ҳуқықларының кепилликлерин және де беккемлеўге, жәмийетте саламат орталықты тәмийинлеўге, балалардың ҳәр тәреплеме раўажланыўын қоллап-қуўатлаўға, олардың ҳуқықлары менен мәплерин және де исенимли қорғаўға хызмет етеди.

Муҳтарама Комилова, ӨзА