Ўатанға депорт етилген өзбекстанлылардан қәрежетлер өндирип алынады – Ҳүкимет қарары

225

Ҳүкиметтиң 313-санлы қарары менен шөлкемлескен тәризде сырт елге жумысқа жиберилген ҳәм барған мәмлекетиниң нызамшылық ҳүжжетлерин бузыўы нәтийжесинде депортация етилген пуқараларды қайтарыў ҳәм оларды қайтарыў менен байланыслы қәрежетлерди өндириў тәртиби енгизиледи.

Қарарға бола, сырт елде мийнет етиўди әмелге асырыў дәўиринде сырт мәмлекеттиң нызамшылық ҳүжжетлерин бузыўы нәтийжесинде депортация етилген пуқараларға төмендеги тәсир илажлары қолланылады:

– депортация етилген пуқара Миграция қоры есабынан қайтарылғанда, қайтарыў қәрежетлерин пуқарадан өндирип алыў;

– Миграция қоры есабынан усынылған субсидия ҳәм компенсация суммаларын қайтарып алыў;

– 1 жылға шекемги мүддет даўамында раўажланған мәмлекетлерге шөлкемлескен тәризде жумысқа жибериў бойынша хызметлер көрсетпеў.

Депортация етилген пуқаралар төмендеги тийкарларда қайтарылады:

– олардың Өзбекстанның сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханалары ҳәм консуллық мәкемелерине мүрәжаты;

– олар ҳәм жақын туўысқанларының Миграция агентлигиниң сырт елдеги ўәкилханалары, аймақлық филиалларына мүрәжаты;

– сырт мәмлекетлердиң ўәкилликли уйымлары тәрепинен усынылған депортация етилген пуқаралар бойынша мағлыўматлар.

Депортация етилген пуқаралар олардың транспорт қәрежетлерин қаржыландырыў арқалы қайтарылады.

Пуқараның қаржылай жәрдем көрсетиў ҳаққындағы арзасы унамлы көрип шығылғаннан соң 1 ши жумыс күнинде Миграция агентлиги ҳәм пуқара арасында қарыз шәртнамасы дүзиледи.

Шәртнамаға муўапық қаржылай жәрдем алған шахс бул қаржылардың орнын 30 күн мүддетте қаплаўы керек,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги