Быйыл үш айда 8 салық түринен өсим бақланған
Қарақалпақстан Республикасы Салық басқармасының мағлыўматларына қарағанда, 2025-жылдың биринши шерегинде салық уйымлары тәрепинен 761 млрд. 874 млн. сумлық салық түсимлери тәмийинленип, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 113.1 процент өсимге ерисилди.
Атап айтқанда, 8 салық түринде өсим бақланды:
Юридикалық тәреплердиң мүлкине салынатуғын салық 13 млрд. 444 млн. сумға, (101.7 процентке);
Физикалық тәреплерден алынатуғын жер салығы 40 млрд. 509 млн. сумға, (106%);
Пайда салығы 53 млрд. 452 млн. сумға (136.7 %);
Физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы 277 млрд. 965 млн. сумға (112.6 %);
Жер асты байлықларынан пайдаланғанлығы ушын салық 6 млрд. 236 млн. сумға (118.3 %);
Физикалық тәреплердиң мүлк салығы 24 млрд. 972 млн. сумға (119.5 %);
Қатаң белгиленген салық 6 млрд. 357 млн. сумға (136.5 %);
Суў ресурсларынан пайдаланғанлық ушын салық 11 млрд. 33 млн. сумға (128.4 %) өскен.
Қарақалпақстан хабар агентлиги