Жол хожалығы тараўындағы жойбарлар бойынша мәлимлеме берилди

211

Президент Шавкат Мирзиёев жол хожалығындағы жумыслардың нәтийжелилиги ҳәм режедеги жойбарлар бойынша презентация менен танысты.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 10-октябрьдеги қарарына муўапық, бул тараўда басқарыў жетилистирилип, жоллар қурыў, оңлаў ҳәм сақлаў бойынша көп жыллық ўазыйпалар белгиленген еди. Өткен 2 жылда бул мақсетлерге 26 триллион сум ажыратылып, жәми 40 мың километр жол ҳәм 540 көпир оңланды. Тараўға сырттан тартылып атырған қаржылар да үш есеге артты.

Бирақ еле исленетуғын жумыслар көп. Быйыл 7 мың километр улыўма пайдаланыўдағы жол ҳәм  231 көпирди қурыў ҳәм оңлаў, 13 мың километр топырақ көшелерге қум-шағыл тас төсеў, 400 километр цемент қапламалы жоллар қурыў, магистральлар бойында 72 сервис комплексин шөлкемлестириў режелестирилген.

Презентацияда жуўапкерлер усылар ҳаққында мәлимлеме берди.

Жаңа жойбарларды белгилеўде жоллардың ҳәзирги жағдайына ҳәм қатнаў дәрежесине итибар қаратылмақта. Бүгинги күнде халықаралық қаржы шөлкемлери менен биргеликте 1 мың 200 километр жолды реконструкциялаў бойынша 6 ири жойбар әмелге асырылмақта.

Және 4 жойбардың басланыўы нәзерде тутылған. Атап айтқанда, Төрткүл ҳәм Беруний қалаларын айланып өтиўши А-380 магистралын реконструкциялаў, Қарақалпақстан ҳәм Хорезмде 516 километр жергиликли жолларды толық оңлаў, Термиз – Денау және Сырдәрья – Бахыт аралығындағы жолларды цемент-бетон қапламалы етип қурыў режелестирилген. Бул жойбарларға Азия раўажланыў банки, Жәҳән банки, Ислам раўажланыў банки ҳәм Азия инфраструктуралық инвестициялар банкиниң қаржылары қаратылады.

Мәмлекетимиз басшысы ең әҳмийетли мәселе жолларды сапалы сақлаў екенин атап өтти. Жол бойларында инфраструктураны раўажландырып, халыққа қолайлықлар жаратыў бойынша тапсырмалар берилди.

Қамчиқ өткелинде стационар қадағалаў посты иске қосылған. Оны жүк тасыў ағымы жоқары болған басқа жолларда да шөлкемлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Усы жерде буннан дерлик 20 жыл бурын қабыл етилген “Автомобиль жоллары ҳаққында”ғы нызам ҳәзирги заман талапларына жуўап бермей атырғанын айтыў керек. Кейинги жыллардағы реформалар, бүгинги әҳмийетли мәселелер онда көрсетилмеген.

Сонлықтан бул нызам жаңа редакцияда ислеп шығылмақта. Онда, соның ишинде, “автомобиль жолларын режелестириў” механизмин енгизип, жол инфраструктурасын халық ҳәм экономиканың өсип баратырған талапларына муўапық раўажландырыў нәзерде тутылмақта. Жолларды жойбарластырыўда халықтың пикири ҳәм қоршаған орталыққа тәсирин есапқа алыў және пиядалар ушын тосқынлықсыз орталықты жаратыў бойынша қатаң талаплар орнатылмақта. Коммуникация тармағын қурыўда жолдың бурынғы жағдайын тиклеў қәрежетлерин қаплаў шәрти киргизилмекте.

Төлемли жоллардың ҳуқықый тийкарлары, ажыратылған ҳәм жол бойы аймақларында сервис имаратларын жайластырыўға байланыслы талаплар белгиленбекте. Жолларда үлкен көлемли ҳәм аўыр салмақлы транспорт қуралларының ҳәрекети тәртипке салынбақта.

Презентацияда жуўапкерлер альтернатив жоллар қурыў бойынша жеке меншик шериклик жойбарлары бойынша да есабат берди.

 

ӨзА