Аймақты раўажландырыўға итибар қаратылмақта

288

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қараөзек районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў мәселелерине арналған мәжилис өткерди.

Мәжилисте районды ҳәр тәреплеме раўажландырыў, кәмбағаллықты қысқартыў, халықтыӊ бәнтлигин тәмийинлеў, инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ҳәм басқа да жумыслардың орынланыўы мәселелери қарап шығылды.


Өткерилген мәжилис даўамында әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар белгиленип, анық тапсырмалар берилди ҳәм өз ўазыйпасын орынлаўға немқурайдылық пенен қарап атырған басшыларға интизамий жаза шарасын қолланыў ҳәм зәрүр болса лаўазымына ылайықлығы мәселесин көрип шығыў бойынша тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги