Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 13-май күни Европа Аўқамының Орайлық Азия бойынша арнаўлы ўәкили Эдуардс Стипрайсты қабыллады.

ЕАның арнаўлы ўәкили Европа Кеңеси Президенти Антониу Кошта ҳәм Еврокомиссия Президенти Урсула фон дер Ляенниң сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Усы жылдың апрель айында Самарқанд қаласында өткен “Орайлық Азия – Европа Аўқамы” биринши саммитинде қабыл етилген қарарларды әмелге асырыў шеңберинде еки тәреплеме ҳәм регионаллық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды.

Инвестициялық ҳәм финанслық-техникалық бирге ислесиў бойынша улыўма баҳасы 12 миллиард евро муғдарында анық жойбарларды тез пурсатта таярлаў ҳәм алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.

Регионаллық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша пикир алысылды, сондай-ақ, болажақ илажлар режеси көрип шығылды.

ӨзА