Бүгинги балаларды әпиўайы мультфилм қаҳарманлары менен таң қалдырыў жүдә қыйын. Оларды бүгин қоянның изинен жуўырып жүретуғын қасқыр, апасына жаманлық ететуғын Қымбаттыӊ ўақыялары менен жубатып болмайды.
Олар мобил қурылмалар арқалы эфирге берилип атырған мултфилмлерге меҳир қойып үлгерди. Енди оларды жоқары тезликтеги ҳәрекетли, рәңбәрең сүўретлерге бай анимациялық көринистеги мультсериаллар қызықтырады. Қулласы, бүгинги дөретиўшилер талапқа қарап усыныс пенен ислемесе, балалар ушын қызықлы дөретиўшилик үлгилери жаратылмаса кишкене ықласбентлерди экран алдына жақынластырыў қыйын.
Сол себепли елимиздиң кинодөретиўшилери анимациялық көринистеги мултфилмлерди жаратыў, оларды көбейтиў ушын излениўлер алып бармақта, бирге ислесиў байланысларын жолға қоймақта.
Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов Японияның Осака қаласында ” Uzbekistan Outsourcing Session ” илажы шеңберинде белгили япон анимациялық студиясы – “Gainax Kyoto”ныӊ тийкарын салыўшыларының бири, анимация тараўы қәнигеси Такеда Ясухиро” ҳәм “Kyoto Computer Gakuin” компаниясының президенти Ёочи Терашита ҳәм “Gainaх” компаниясының президенти Такеда Ёсухиро менен ушырасыў өткерди.
35 жылдан аслам ўақыт даўамында бул тараўда жумыс алып барып атырған Такеда Япония анимация санаатының раўажланыўына үлкен үлес қосқан ҳәм көплеген маман қәнигелерди жетистирип шығарған.
Сәўбет даўамында Такеда усы ҳәптеде Өзбекстанда болып өтетуғын “Game Fest” көргизбесинде қатнасып, илаж шеңберинде ойын ҳәм анимация санаатын раўажландырыўға бағышланған сабақлар ҳәм додалаўларда қатнасыўды режелестиргенин билдирди.
Сондай-ақ, “Kyoto Computer Gakuin” компаниясы президенти Ёочи Терашита ҳәм “Gainaх” компаниясы президенти Такеда Ёсухиро менен ушырасыўда IТ тараўында билимлендириўди күшейтиў, креатив индустрияны раўажландырыў, япон тили ҳәм IТ курсларын шөлкемлестириў сыяқлы бир қатар мәселелер де додалаў орайында болды.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер Өзбекстан ҳәм Япония арасында анимация ҳәм санлы дөретиўшилик тараўларында кадрлар таярлаў, билим ҳәм тәжирийбе алмасыўды өз ишине алған бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша келисимге еристи.
Н.Раҳмонова, ӨзА