Судқа мүрәжат етиў – суд арқалы қорғаныў ҳуқықы пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў кепилликлеринен бири болып есапланады. Суд арқалы қорғаў мәмлекет тәрепинен пуқаралардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўдың ең негизги қуралларынан бири болып есапланып, әдил судлаўды тәмийинлеў арқалы әмелге асырылады. Адамлар ҳәм пуқаралардың судқа мүрәжат етиӯ ҳуқықы тәбийғый ҳуқықлар дәрежесине көтерилген болып, «Адамның ҳуқықлары пүткил жер жүзилик Декларациясы»ның 8-статьясына бола, ҳәр бир адам оған Конституция ямаса нызам арқалы берилген тийкарғы ҳуқықлары бузылған жағдайларда авторитетли миллий судлар тәрепинен бул ҳуқықлардың нәтийжели тиклениўи ҳуқықына ийе.
Өзбекстан Республикасында да судқа мүрәжат етиў ҳуқықы пуқаралардың ең тийкарғы ҳәм тығыз болған ҳуқықларынан бири сыпатында тән алынған болып, ғәрезсизликтиң дәслепки күнлеринен-ақ, яғный 1991-жыл 30-сентябрде елимиздиң «Адамның ҳуқықлары пүткил жер жүзилик Декларациясы»на қосылғанлығы буның әмелий дәлийли болып табылады. Тийкарғы Нызамымыз Өзбекстан Республикасының Конституциясында судқа мүрәжат етиў ҳуқықының беккемленгенлиги пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлериниң жоқары кепили болды. Конституцияның 55-статьясында ҳәр ким өзиниң ҳуқық ҳәм еркинликлерин нызамда қадаған етилмеген барлық усыллар менен қорғаўға ҳақылы. Ҳәр кимге өзиниң ҳуқық ҳәм еркинликлерин суд арқалы қорғаў, мәмлекетлик уйымлардың ҳәм басқа шөлкемлердиң, олардың лаўазымлы шахсларының нызамға қайшы шешимлери, ҳәрекетлери ҳәм ҳәрекетсизлиги үстинен судқа шағым етиў ҳуқықы кепилленеди.
Судқа мүрәжат етиў адамның ажыралмайтуғын ҳуқықы болып, ҳеш ким бундай ҳуқықтан айырылыўы мүмкин емес. Адамның судқа мүрәжат етиў ҳуқықының ажыралмаслығы, ҳәттеки адамның өзи де бундай ҳуқықтан ўаз кешиўи мүмкин емеслигинде көринеди. Адам белгили бир мәселе бойынша судқа мүрәжат етпеўи мүмкин, өйткени, бул адамның миннетлемеси емес, ал ҳуқықы болып есапланады ҳәм нызам судқа мүрәжат етиў ҳуқықынан ўаз кешиўди болдырмайды.
Мәмлекетлик уйымлар мәмлекет тәрепинен оларға берилген ўазыйпа ҳәм функциялардың орынланыў өзгешелигине қарап, бир-биринен ажыралады. Мәмлекетлик уйымларға пуқаралардың мүрәжатлериниң тийислилиги бойынша орынланыӯы усы процесстеги нәтийжелилигиниң дәслепки әӽмийетли шәртлеринен бири болып есапланады. Өзбекстан Республикасының «Физикалық ҳәм юридикалық шахсларының мүрәжатлери ӽаққында»ғы Нызамның 21-статьясының биринши бөлимине бола, мүрәжатлер оларда қойылған мәселелерди шешиўде өзиниң ўәкиллиги шеңберине киретуғын мәмлекетлик уйымға, шөлкемге ямаса олардың лаўазымлы шахсына тиккелей ямаса бойсыныӯ тәртибинде жоқары турыўшы уйымға бериледи.
Судтың өзине тән өзгешелиги болса, мәпи бар адамның бузылған ямаса тартысып атырылған ҳуқықы бойынша ҳәр қандай мүрәжатти көрип шығыўға ўәкилликли екенлигинде көринеди.
Мүрәжатлерди судта көриўдиң тийкарғы шәртлеринен бири даўдың ҳәм бузылған ҳуқықтың бар екенлиги ямаса арыз етилген талаптың арза бериўшиниң мәплерине қатнасы бар екенинде көринеди. Сол себепли, мәпи бар адам пуқаралық ислери бойынша судқа мүрәжат етиў ўақтында дәслеп даўа етилип атырған талап бойынша даў ямаса бузылған ҳуқықтың бар екенлиги ямаса даўа етилген талаптың арза бериўшиниң мәплерине қатнасы барлығын анықлаў керек. Егерде, мүрәжат етилген мәселе бойынша даў болмаса, адамның ҳуқықлары бузылмаса ямаса оның мәплерине қатнасы болмаса, арза судқа тийисли емес деп есапланады.
Мысал ушын, адам қайтыс болған болып, оның мийрас алыўшылары мийрасты ийелеўге кирисип атырған болса, нызамға муўапық, бул процесс ҳәкимшилик тәртипте исленип, нотариус тәрепинен мийрасқа болған ҳуқық ҳаққында гуўалық бериледи. Мийрас алыўшылар өз-ара келисимге ериспеген ўақытта, мийрасты бөлистириӯ суд тәртибинде орынланады. Бул тәртип улыўма мүлкке ийелик етиў менен байланыслы қатнасықларға, атап айтқанда, ерли-зайыплының биргеликтеги улыўма мүликти басқарыӯға да тийисли болып есапланады.
Өзиниң ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаўды гөзлеп судқа мүрәжат етип атырған адам белгили бир пуқаралық исинен келип шығып мәпи бар адам болыӯы, яғный иске қатнасы бар тәреп болыўы шәрт. Адамның иске қатнаслылығы дегенде: мүлк ҳуқықын қорғаў бойынша мүлк ийеси, келисимлерди тартысыў мәселелери бойынша усы келисим қатнасыўшысы, зыян жеткериўден келип шығатуғын миннетлемелер бойынша зыян көрген адам, хызметкердиң мийнет ҳуқықларын қорғаўдан келип шығып, хызметкердиң өзи ямаса ўәкилликлери мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлер тиккелей яки ўәкилликли ўәкиллери арқалы судқа мүрәжат етиӯи мүмкин.
Егерде судқа берилген арза бойынша арза бериўши қатнасы бар тәреп болмаса, мәпи бар адамның атынан арзаны ис жүргизиӯ ӯәкиллигине ийе болмаған адам берген болса, нызам бир қатар ҳуқықый ақыбетлерди нәзерде тутады: – арза көрилместен қалдырылады; – арзаны қабыл етиӯ бийкар етиледи. Сол себепли. Судқа арза менен мүрәжат етиўден алдын пуқаралар арзада көрсетилген ҳуқықый қатнасыққа болған өзлериниң тиккелей ҳуқықый тәрептен қатнаслылығын анықлаӯы шәрт.
Өзбекстан Республикасы Конституциясының тийкарғы принциплеринен бири Конституция ҳәм нызамлардың үстинлигин тәмийинлеӯ ӯазыйпаларының мәмлекет тәрепинен орынланыўы болып есапланады. Бул процессте нызамлылықты тәмийинлеў барлық ҳуқықый нормаларды орынлаў, олардың бузылған жағдайларын анықлаӯ, нызам бузылыӯының алдын-алыӯ, нызамды бузған адамларға тийисли жуӯапкершилик илажларын, яғный интизамый, ҳәкимшилик, пуқаралық ҳәм жынайый жазаны қолланыў түринде орынланады. Нызамлылықтың бузылыӯы пуқараның ҳуқық ҳәм еркинликлерине тәсир көрсеткенде, бузылған ҳуқықларын қорғаў ҳәм тиклеў мәмлекеттиң ўәкилликлерине тийисли болып табылады. Пуқаралардың өзлериниң ҳуқықларын тиклеў ҳәм қорғаў бойынша судқа мүрәжат етиўи усы процессте нәтийжели усыл болып есапланады.
Судқа тийкарсыз талаплар менен мүрәжат етиўден ўаз кешиў керек. Тийкарсыз талаплар менен мүрәжат етиў усы талаплардың бийкар етилиўине, мүрәжаттың қанаатландырылмасдан жуўмақланыўына, пуқараның тийкарсыз талабы себепли ўақты ҳәм күшиниң сарыпланыўына, суд қәрежетлери көринисинде материаллық зыян көриўге алып келеди.
Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, сондай-ақ, прокурорлар пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўда судқа арза менен мүрәжат етиўге ҳақылы болып есапланады.
Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер ҳәр қандай арза менен судқа мүрәжат етиўге ҳақылы болған прокурордан өзгешеленип, тек ғана нызам менен өзлерине берилген ўәкиллик шеңберинде судқа мүрәжат етеди. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы «Тутыныӯшылардың ҳуқықларын қорғаӯ ӽаққында»ғы нызамның 24, 25-статьяларына бола, тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў мәқсетинде орынлардағы ҳәкимият уйымлары, Өзбекстан Республикасының Меншиклестириў , монополиядан шығарыӯ ҳәм бәсекини раӯажландырыӯ мәмлекетлик комитети ҳәм оның орынлардағы бөлимлери тутыныӯшылардың ҳуқықларын қорғаўда судқа мүрәжат етиӯи мүмкин.
Өзбекстан Республикасының «Кәсиплик аўқамлары ҳаққында»ғы нызамның 27-статьясына бола, кәсиплик аӯқамлары мийнеткешлердиң мийнет ҳуқықларын қорғаўда судқа арза менен мүрәжат етиӯге ҳақылы болып табылады.
Өзбекстан Республикасының «Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳаққында»ғы нызамның 14-статьясына бола, пуқаралар жыйыны баслығы судқа пуқараны спиртли ишимликлерди, наркотик затлар ямаса психотроп элементлерди нызамсыз пайдаланғанлығы ушын қарым-қатнасқа уқыплылығы шекленген ямаса руўхый жағдайы бузылғанлығы (руўхый наўқаслығы ямаса ақыл жағынан артта қалыўшылығы) қарым-қатнасқа уқыпсыз деп табыў ҳаққында арза менен мүрәжат етиўге ҳақылы.
Жоқарыда көрсетип өтилгениндей, прокурор адамның мәплеринде ҳәр қандай арза менен судқа мүрәжат етиўге ўәкилликли болып, егер даўагер разы болмаса, прокурор өзи даўа етилген талаплардың тийкарын ямаса предметин өзгерттириўге, даўа талапларының муғдарын көбейтиў ямаса кемейттириўге ҳақылы емес.
Прокурордың басқа адамның ҳуқықын ҳәм нызам менен қорғалатуғын мәплерин қорғаў ушын берген өзиниң арзасынан ўаз кешиӯи, бул адамды судтан Пуқаралық процессуал кодекс қағыйдаларына бойсынған ҳалда мазмун жағынан көрип шығыўды талап етиў ҳуқықынан айырмайды.
Н.Таиров, Пуқаралық ислери бойынша Беруний
районлар аралық судының судьясы
Қарақалпақстан хабар агентлиги