Тегеранда Өзбекстан, Қытай, Қазақстан, Түркменстан, Иран ҳәм Түркия мәмлекетлериниң темир жол тараўы ўәкиллери ушырасып, Евроазия транспорт коридорын раўажландырыў бойынша сөйлесиў алып барды.

Сөйлесиў даўамында Қытай – Қазақстан – Өзбекстан – Түркменстан – Иран – Түркия – Европа жөнелиси бойынша нәтийжели ҳәм турақлы транспорт коридорын қурыў мәселеси дыққат орайында болды.

Бундай бирге ислесиў тек ғана регионаллық байланысларды беккемлеў емес, ал глобал логистика шынжырын беккемлеў имканиятын береди. Мәселен, усы жылдың январь-апрель айларында Қазақстан аймағы арқалы өткен Қытай – Иран жөнелисинде контейнер тасыў пәти 2,6 есеге артқан.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер усы бағдардағы шерикликти және де жеделлестириў, логистика процесин муўапықластырыў, регионаллық коридорларды халықаралық базарларға шығыў көзқарасынан алға қойыў бойынша улыўма ҳәрекетлерди жеделлестириўге келисип алды.

М.Сайфуллаев, ӨзА