Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде бир топар депутатлар тәрепинен нызамшылық басламасы ҳуқықы тийкарында ислеп шығылған “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине парламенттеги оппозицияның кепилленген ҳуқықларын кеңейтиўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам жойбары екинши оқыўда статьяма-статья көрип шығылды.
– Бул нызам жойбары парламенттеги оппозицияның ҳуқықларын кеңейтиўге қаратылған, – деди депутат Н.Умаров. – Жойбар менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзин парламенттеги оппозиция, деп жәриялаған сиясий партия фракциясына нызам жойбары екинши оқыўда көрип шығылғанға шекем сол мәселеге байланыслы нызам жойбарын, сондай-ақ, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы қарары жойбарының альтернатив редакциясын киргизиў нәзерде тутылмақта.
Сондай-ақ, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының бир комитет баслығы ҳәм еки комитет баслығының орынбасары лаўазымларын кепилликли ийелеў, ҳәр шеректе “Ҳүкимет сааты” шеңберинде және парламентлик сораўды жибериў ҳаққында кеминде бир мәселе киргизиў сыяқлы қосымша ҳуқықлар бериўди нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.
Нызам жойбарын екинши оқыўға таярлаў процесинде жуўапкер комитет тәрепинен бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Депутатлар берген пикир-усыныслардан келип шығып, олар тийкарында ҳүжжеттиң тексти жетилистирилди. Нызам жойбарының қабыл етилиўи парламентте ҳәр қыйлы көзқараслар, пикирлердиң ҳәр түрлилигин күшейтип, оның идеялар генераторына айланыўында әҳмийетли фактор болады, – деди баянатшы.
Статьяма-статья додалаўларда бир қатар усыныслар билдирилди. Буннан соң нызам жойбары екинши оқыўда қабыл етилди.
Муҳтарама Комилова, ӨзА