Танзила Норбоева Европа Аўқамының Орайлық Азия бойынша арнаўлы ўәкили менен ушырасты

2025-жыл 12-май күни Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева Европа Аўқамының Орайлық Азия бойынша арнаўлы ўәкили Едуардс Стипрайс пенен ушырасыў өткерди.
Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасындағы парламентлераралық бирге ислесиў мәселелери додаланып, бул байланысларды жаңа басқышқа алып шығыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Тәреплер әҳмийетли регионаллық ҳәм глобаллық мәселелер бойынша пикир алысыў, сондай-ақ, тәжирийбе ҳәм мәлимлемелер менен өз-ара бөлисиўди даўам еттириўге таяр екенин билдирди.

Сөйлесиў ўақтында Самарқанд қаласында болып өткен “Орайлық Азия – Европа Аўқамы” биринши саммитиниң әҳмийети айрықша атап өтилди. Бул саммит еки регион арасында өз-ара исеним ҳәм турақлы қарым-қатнасты беккемлеўде әҳмийетли тийкар болғаны атап өтилди. Бундай ушырасыўлар сиясий, экономикалық ҳәм мәдений бағдарларда бирге ислесиўди тереңлестириўге хызмет етип атырғаны атап өтилди.
Сондай-ақ, Ташкент қаласында 2025-жыл апрель айында табыслы өткерилген Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей ассамблеясы шеңберинде Европа мәмлекетлери парламенти ўәкиллериниң белсене қатнасқаны жоқары баҳаланды. Ассамблея шеңберинде қабыл етилген ҳүжжетлердиң Европа Аўқамы тәрепинен қоллап-қуўатланғаны бул бирге ислесиўде жоқары дәрежедеги сиясий ерк-ықрар бар екенлигин көрсетти.
Тәреплер сиясий сөйлесиўди избе-из даўам еттириў, нызамшылық процесинде алдынғы көзқарасларды алмасыў, парламентлераралық байланысларды беккемлеў ҳәм өз-ара сапар етиўлердиң жеделлигин арттырыў бағдарындағы ҳәрекетлерди күшейтиўге келисип алды. Ушырасыў дослық ҳәм конструктивлик руўхта өтти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги