Словенияның Өзбекстандағы жаңа елшиси тайынланды

264

Аленка Сухадольник Словенияның Өзбекстандағы жаңа елшиси етип тайынланды. Бул ҳаққында Өзбекстан Сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов Телеграм каналында мәлим етти, деп хабар береди xs.uz.

СИМ басшысының жазыўынша, бүгин  12-май күни ол жаңадан тайынланған елши Аленка Сухадольниктен исеним жарлықларын қабыл еткен.

“Оның бул лаўазымға тайынланыўы мәмлекетлеримиз арасындағы көп қырлы еки тәреплеме қатнасықларды кеңейтиў жолында хызмет ететуғынына исенемиз. Әлбетте, бирге ислесиўимизди және де арттырыў ушын үлкен имканиятлар бар,” дейди Саидов.

Министрдиң қосымша етиўинше, еки тәреплеме қатнасықлардың 2025-жылғы күн тәртиби бай ҳәм жүдә перспективалы. Түрли тараўларда байланысларды беккемлеў болса тийкарғы ўазыйпа болып есапланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги