Путин Украина ҳүкимети менен сөйлесиў өткериўди усыныс етти

292

Россия президенти Владимир Путин Украина ҳүкимети менен тиккелей тынышлық сөйлесиўлерин баслаў усынысы менен шықты. Бул ҳаққында ” France 24″ басылымы мәлим етпекте.

Тәреплер арасындағы сөйлесиў 15-май күни Түркияның Стамбул қаласында өткерилиўи мүмкин.

Рәсмий Кремль өз билдириўинде Россия сөйлесиўлерди “қарама-қарсылықты тоқтатыў жолындағы реал имканият” деп баҳалады. Путин Түркия жетекшиси Режеп Таййип Эрдоған менен байланысып, додалаўлар ушын Стамбулды дәлдалшылық майданына айландырыўды сораған.

Украина басшысы Владимир Зеленский РФның бул усынысын дыққат пенен көрип шығатуғынын мәлим етти. Сондай-ақ, ол 12-майдан баслап 30 күнлик шәртсиз тынышлық жәриялаўды усыныс етти. Украина тәрепиниң позициясына бола, ҳәр қандай сөйлесиўден алдын әскерий ҳәрекетлерди ўақтынша тоқтатыў зәрүр.

Зеленский келисимди сөйлесиўлердиң басланыўы ушын әҳмийетли шәрт деп атады ҳәм Россияның мүнәсибетин күтип атырғанын айтты.

Итибарлы тәрепи, Вашингтон бул жағдайға жедел мүнәсибет билдирди. АҚШ президенти Дональд Трамп Украина тәрепин сөйлесиўлерде қатнасыўға шақырды. Ол бул сөйлесиўди тартысты сапластырыў ушын “үлкен имканият” деп баҳаламақта.

Өз гезегинде, Европа мәмлекетлери де тынышлық басламасын дыққат пенен бақламақта. Германия, Франция, Польша ҳәм Уллы Британия басшылары Россияны 30 күнлик шәртсиз келисимге шақырды. Егер Россия бул усынысты бийкар етсе, ЕА жаңа санкцияларды көрип шығатуғынын билдирди.

Халықаралық экспертлердиң пикиринше, бул дипломатиялық ҳәрекетлер урыс басланғанынан берли ең сезилерли баслама сыпатында атап өтилмекте.

М.Сайфуллаев, ӨзА