Айырым студент қызларға арнаўлы стипендия төленеди

225

Айырым шаңарақлардың студент қызларына арнаўлы стипендия төленеди.

Президент пәрманына бола, 2025-жыл 1-июньнен “қызыл” категорияға киргизилген шаңарақлардың “айрықша” баҳаларға оқыған студент қызларына базалық стипендияның 2 есеси муғдарындағы арнаўлы стипендия төленеди.

2025-жыл 1-сентябрьден улыўма орта билим бериў мәкемесиниң создырылған күн топарларына қатнайтуғын балалардың улыўма санының 15 проценти муғдарында кәмбағал шаңарақлардың перзентлери ушын айрықша квота ажыратылады ҳәм олар ата-аналар төлеминен азат етиледи.

2026-жыл 1-январьдан кәмбағал шаңарақлардың “айрықша” баҳаларға оқыйтуғын перзентлериниң Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясы системасындағы дем алыў орынларында дем алыўы ҳәм саламатландырылыўы қәрежетлери толық қаплап бериледи.

Социаллық қорғаў миллий агентлиги Кәмбағал шаңарақлар реестри ҳәм Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестрине киргизилген шаңарақларға социаллық хызметлер ҳәм жәрдемлер көрсетилиўин муўапықластырыўшы мәмлекетлик уйым есапланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги