Бозатаўда ең үлгили шаңарақлар жарысты
238

15-май-Халықаралық шаңарақ күни мүнәсибети менен «Жаңа Өзбекстанның үлгили шаңарағы» атамасындағы таңлаўдың Бозатаў районлық басқышы болып өтти.
Өткерилген таңлаўға район аймағындағы мәҳәллелерден үлгили шаңарақлар қатнасып, таңлаў шәртлери бойынша өз-ара беллести.



Қызықлы өткен таңлаў жуўмағында, Бозатаў посёлкасы аймағынан қатнасқан Бекниязовлар шаңарағы 1-орынды ийелеп, таңлаўдың Республикалық басқышына жолламаны қолға киргизди.
Өткерилген илаж соңында жеңимпазларға район ҳәкимлиги тәрепинен таярланған Ҳүрмет жарлықлар ҳәм саўғалар тапсырылды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы