АҚШ ҳәм ҚХР келисимге қарай қәдем таслады

252

Швейцарияда өткерилген Қытай ҳәм Қурама Штатлар арасындағы саўда сөйлесиўлери табыслы жуўмақланды. Бул ҳаққында “ВВС” басылымы жазбақта.

Бул сөйлесиўди АҚШ қаржы министри Скотт Бессент “нәтийжели ҳәм конструктивлик” деп баҳалаған болса, ҚХР Бас министриниң орынбасары Хе Лифенг ҳәммеси “пуқта” ҳәм “шын жүректен” өткенине итибар қаратты.

Дональд Трамп быйыл январь айында Пекинге кескин тарифлер енгизгеннен берли тәреплер дем алыс күнлерин жабық есиклер артында додалаўларға жумсады.

Жәҳән саўда шөлкеминиң бас инспекторы Нгози Оконжо-Ивеала бул сөйлесиўлерди “алдыға әҳмийетли қәдем” деп атады.

– Мен ҳәр еки мәмлекетти кескинликти жумсартыў имканиятын тиклеў ҳәм көп тәреплеме саўда системасына исенимди беккемлеўге хызмет ететуғын әмелий шешимлерди ислеп шығыўды даўам еттириўге шақыраман, – деди Нгози өз билдириўинде.

Муслим Зиё, ӨзА