Өзбекстан ҳәм Қырғыз Республикасы парламентлераралық комиссиясының бесинши мәжилиси Самарқандта болып өтти

216

2025-жыл 12-май күни Самарқанд қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси ҳәм Қырғыз Республикасы Жогорку Кенеши арасында бирге ислесиў бойынша парламентлераралық комиссияның бесинши мәжилиси болып өтти. Мәжилисте еки мәмлекет арасындағы қатнасықлардың бүгинги жағдайы ҳәм оларды буннан былай да раўажландырыў перспективалары додаланды. Ушырасыўда, атап айтқанда, парламентлераралық бирге ислесиўди күшейтиў мәселеси тийкарғы бағдарлардан бири сыпатында белгиленди.

Тәреплер саўда-экономикалық байланысларды кеңейтиў, инвестицияларды тартыў ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўдағы алмасыўды күшейтиў ушын парламент дипломатиясының имканиятларынан кеңнен пайдаланыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Комиссияныӊ жәрдемши баслығы, Олий Мажлис Сенаты Баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоев еки мәмлекет басшыларының жақын жылларда алып барған жумысы себепли сиясий исеним беккем тийкарға ийе болғанын атап өтти. Сондай-ақ, парламентлер мәмлекетлераралық байланыслардың стратегиялық раўажланыўына хызмет етиўи керек екенлиги атап өтилди.

Ушырасыўда нызам дөретиўшилиги тараўында тәжирийбе алмасыў, жаслар менен ислесиў, социаллық ҳәм мәдений жойбарларды қоллап-қуўатлаў сыяқлы мәселелерге де айрықша итибар қаратылды. Улыўма тарийхый ҳәм мәдений мийрасты қәстерлеп сақлаў, билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўди күшейтиў ҳәм гуманитарлық тараўдағы байланысларды буннан былай да раўажландырыў бойынша пикир алысылды.

Туризм тараўы да күн тәртибинде болды. Атап айтқанда, трансшегаралық туризм бағдарларын раўажландырыў, туристлер ушын тәртиплерди әпиўайыластырыў ҳәм туризм инфраструктурасына инвестиция киргизиўди хошаметлеўде парламент дәрежесинде жәрдем бериў зәрүр екенлиги атап өтилди. Бул бағдарда нызам шығарыўшы уйымлардың роли айрықша әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

Мәжилис жуўмағында парламент ағзалары еки тәреплеме бирге ислесиўди тереңлестириўге таяр екенин билдирип, парламентлераралық сөйлесиў буннан былай да жақсы қоңсышылық, өз-ара исеним ҳәм халықлардың мәплерин қорғаў жолында әҳмийетли қурал болып қалатуғынына исеним билдирди. Илаж шеңберинде Өзбекстан ҳәм Қырғызстан делегацияларының басшылары Самарқандтағы Конгресс орайының Ҳүрметли мийманлар қыябанында биргеликте терек егип, дослық тымсалын жаратты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги