Депутат исбилерменлер ҳәм “мәҳәлле жетилиги” менен ушырасты

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты А.Реймов өзи сайланған 5-санлы “Қоскөл” сайлаў округине қараслы мәкан пуқаралар жыйынларында жумыс алып барып атырған исбилерменлер ҳәм “мәҳәлле жетилиги” менен ушырасыў өткерди.
Ушырасыўдың тийкарғы мақсети соңғы жыллары елимизде, атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасында исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, жергиликли басламаларды раўажландырыў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша әмелге асырылып атырған реформалар, сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысының басламасы менен қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлардың мазмунын түсиндириўден ибарат болды.

Илаж даўамында депутат А.Реймов мәмлекетимиз басшысының Қарақалпақстанға болған айрықша итибары нәтийжесинде соңғы жыллары 15 тен аслам әҳмийетли пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилгенин атап өтти. Бул нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер арқалы аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыў, инфраструктураны жақсылаў, халықтың турмыс дәрежесин арттырыў ҳәм ең әҳмийетлиси, жергиликли исбилерменликти кеңнен қоллап-қуўатлаў мақсет етилген.
Депутат бул ҳүжжетлерде исбилерменлер ушын жаратылған кең имканиятлар: салық жеңилликлери, кредит ресурсларына қолайлы шәртлерде кириў, жер ажыратыў тәртибиниң әпиўайыластырылыўы, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында жойбарлар басламасын алға қойыў сыяқлы бағдарларға айрықша итибар қаратты. Ушырасыў даўамында А.Реймов қатнасыўшыларға ҳәр бир қарар ҳәм пәрманның тийкарғы бәнтлерин түсиндирип, әмелде қалай қолланылыўы бойынша мағлыўматлар берди.

Өз гезегинде исбилерменлер бар имканиятлардан ҳәм олардан қандай пайдаланыў бойынша өз пикирлерин билдирди. «Мәҳәлле жетилиги» ўәкиллери болса аймақта социаллық орталықты саламатландырыў, мүтәж қатламды қоллап-қуўатлаў ҳәм жергиликли машқалаларға шешим табыўда депутатлар менен бирге ислесиў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Ашық ҳәм қызғын сәўбет түринде өткен ушырасыўда билдирилген ҳәр бир усыныс ҳәм мүрәжат депутат тәрепинен итибарға алынып, тийисли шөлкемлер менен биргеликте шешиў бойынша илажлар көрилиў керек екенлигин атап өтти.
ӨзА