Халықаралық билимлендириў системасы бойынша тест өткерилди
315

Бүгин Нөкис районындағы 30-улыўма билим бериў мектебинде оқыйтуғын оқыўшылардың саўатлылығын баҳалаўда халықаралық PISA-2025 изертлеўи шеңберинде тийкарғы сынақ процесслери бойынша тест өткерилди.
Илажға Нөкис районы ҳәкими З.Зайтов қатнасып, оқыўшыларға әўметлер тиледи.
Тест процеси бирге ислесиўши шөлкемлер ҳәмде мектеп координаторы тәрепинен толық қадағалаўға алынып, сапалы шөлкемлестирилди.



Халықаралық PISA-2025 изертлеўдиң тийкарғы сынағына қатнасыў ушын мектептиң 8-,9-,10-классларында оқыйтуғын 15 жастағы жәми 42 оқыўшы таңлап алынды.
Бул изертлеў оқыўшылардың билимлендириў сапасын баҳалаў ҳәм глобал билимлендириў системаларындағы дәрежесин анықлаўға жәрдем береди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги