“Онлайн платформа ҳәм веб-сайтлар пайдаланыўшыларының ҳуқықларын қорғаў ҳаққында”ғы нызам жойбары жәмийетшиликке додалаў ушын жәрияланды

Ҳүжжеттиң тийкарғы тәреплери:
➤ Блогер ҳәм инфлюйенсер түсиниклери анық белгиленген (3-статья):
🔹 Блогер – өз аккаунтында ямаса ғалаба жәмийетшиликке жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық ҳәм басқа темаларда контент жайластырыўшы физикалық шахс;
🔹 Инфлюенсер – онлайн-платформада 10 000 нан артық жазылыўшысы бар блогер.
✓ Контент ушын жеке жуўапкершилик (22-статья):
🔹 Жалған мәлимлеме, ямаса шахс ҳәм шөлкемниң қәдир-қымбатына ямаса исшеңлик абырайына зыян келтиретуғын мәлимлемени тарқатпаў. Бундай жағдайда бийкарлаў жәриялаў ямаса белги қойыў.
🔹 Инфлюенсер өз аккаунтында ҳәм пикирлер бөлимлеринде нызамсыз контентти турақлы мониторинг етиўи ҳәм сапластырыўы шәрт.
➤ Контентте инсан қәўипсизлигине қәўип туўдыратуғын мәлимлеме болса, ҳуқық қорғаў уйымлары менен бирге ислесиў лазым (8-статья).
➤ Реклама ҳәм дәраматлар (21-22-статьялар):
🔹 Рекламадан дәрамат алыў мүмкин, бирақ Салық кодекси талапларына муўапық салық төлениўи шәрт;
🔹 Контакт мағлыўматларын ашық жайластырмаған инфлюенсерге реклама бериў қадаған етилиўи мүмкин.
️Бир календарь жылда 3 мәртеден көп көрсетпеге әмел етпеген блогер/инфлюенсер жумысы 6 айға шекем тоқтатылыўы мүмкин (15-статья).
Қарақалпақстан хабар агентлиги