Ақтубалы жигитлер жеңимпаз болды

320

16-30 жас аралығындағы ерлер арасында «Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде спорттың футбол бойынша «Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги» жарысларының Кегейли районлық басқышы финал ойынлары болып өтти.

Жарыс жуўмағында Ақтуба аўыл пуқаралар жыйыны командасы биринши орынды ийелеп, кубоктиң Қарақалпақстан Республикалық басқышына жолламаны қолға киргизиўге миясар болды.

Ал, сыйлы екинши ҳәм үшинши орынлар Халқабад ҳәм Мәденият мәкан пуқаралар жыйынларының командалары жеңип шығыўға еристи.  Беллесиўлер соңында жеңимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы дипломлар менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы