Майыплығы болған пуқараны жумысқа қабыл еткен исбилерменлерге субсидия ажыратылады

Бул Президентимиздиң усы жыл 8-майдағы «Майыплығы болған шахслардың бәнтлигин тәмийинлеў системасын жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманында нәзерде тутылған.
Пәрманға муўапық, майыплығы болған шахслардың нәтийжели жумыс ислеўи ушын арнаўлы хызметлер системасы енгизиледи. Соның менен бирге, майыплығы болған жасларды заманагөй кәсиплерге оқытыў, олардың мийнет базарына кириўи ушын қосымша имканиятлар жаратыў тийкарғы мақсет етип белгиленген.
Қалаберди, 2025-жылдың жуўмағына шекем 80 мың майыплығы болған шасхтың турақлы бәнтлигин ҳәм мүнәсип дәрамат табыўын тәмийинлеў нәзерде тутылған.
2025-жыл 1-июньнен баслап, I ҳәм II-топар майыплығы болған шахсларды жумысқа қабыл еткен исбилерменлик субъектлерине 50 миллион сумға шекем субсидия ажыратылады.
Субсидия сурдоаўдармашы, психолог ҳәм бирге ислесиў хызметин шөлкемлестириў қәрежетлерин қаплаў ушын ажыратылады. Физикалық тәреплерге бирге ислесиў хызметин өзин-өзи бәнт еткен шахс сыпатында көрсетиўге руқсат бериледи.
Сондай-ақ, «Бирден-бир миллий социаллық қорғаў» мәлимлеме системасында Мийнетке жарамлы майыплығы болған шахслардың электрон реестри жүргизиледи.
Ш.Маматуропова, ӨзА