Аўғанстан ҳәм Өзбекстан жеке меншик секторлары ўәкиллери ушырасты

Өзбекстан исбилерменлериниң 10-13-май күнлерине белгиленген Қабул ҳәм Мозори Шариф қалаларына сапары шеңберинде бир қатар ушырасыўлар, әмелий илажлар өткерилмекте.
Аўғанстанға сапардың биринши күнинде Саўда-санаат палатасының баслығы Даврон Ваҳобов басшылығындағы делегация ағзалары азық-аўқат ҳәм фармацевтика тараўларын тәртипке салыўшы жуўапкер уйымлардың ўәкиллери менен ушырасты.
Сөйлесиў ўақтында аўған тәрепи республикамызда ислеп шығарылған өнимлерди жергиликли базарға импорт етиў процесинде сақланыўы керек болған талап, нормалар, сырт елли исбилерменлерге жаратылған имканият, қолайлы шараят ҳаққында толық мағлыўмат берди. Ўәкиллеримиз Қабулда Өзбекстан өнимлери ушын шөлкемлестирилген Саўда үйине өнимди жайластырыў, саўда орынларында көрсетиў шөлкемлестириў ҳәм сатыўға таярлаў процесинде белсене қатнасты.
Бул бирге ислесиў миссиясы еки қоңсы мәмлекет бизнес субъектлери арасында тиккелей саўда байланысын жолға қойыў, миллий экспорт потенциалын кеңейтиў ҳәм регионаллық экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыўға хызмет етеди.

Жеке меншик секторлардың қатнасыўында болып өткен “Бизнес бирге ислесиўди беккемлеў” темасындағы ушырасыўда қатнасқан 200 ге шамалас исбилермен арасында 40 тан аслам қурылыс материаллары, 21 электротехника, 16 азық-аўқат санааты ҳәм 12 тоқымашылық ҳәм басқа да тараў ўәкиллери – жәми 100 ден аслам өзбекстанлы исбилермен бар еди.
– Бизнес-сөйлесиўлер қызғын өтти, – деди Өзбекстан экспортшылары ассоциациясының баслығы Ёрқин Маликов. – Б2Б ушырасыўы даўамында тәреплер өз-ара пайдалы тараўларда бирге ислесиў жоллары, соның ишинде, аўыл хожалығы өнимлери, тоқымашылық, қурылыс материаллары саўдасы, логистика ҳәм транспорт тараўларында шерикликти жолға қойыў мәселелери додаланды. Илаж жуўмағында бир қатар перспективалы басламалар бойынша дәслепки келисимлерге ерисилди. Исбилерменлер арасында тиккелей байланыслар орнатылып, саўда ҳәм инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ушын жумысшы топарлар шөлкемлестириў идеясы мақулланды.


Бундай илажлар ҳәр еки мәмлекет экономикасы ушын үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилип, шерикликте избе-изликке ерисиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
М.Пирматова, ӨзА