Папалыққа да даўагерлик еткен Трамп қандай шахс?

204

Сөз – экспертлерге

Екинши мәрте “лаўазым атына” минип, дерлик ҳәр күни әжайып қарары ямаса пикири менен дүня ғалаба хабар қуралларының итибарынан шықпай киятырған Дональд Трамп және дыққатымыз орайында.

Америка басшысының руўхыяты, сиясий көзқарасы ҳәм арзыў-нийетлерин таллаў мақсетинде ӨзАның хабаршысы сиясаттаныўшылар Сайфиддин Жўраев ҳәм Фазлиддин Жамоловқа бир неше сораў берди.

– Дональд Трамп шахсының тийкарғы тәреплери нелерден ибарат?

С.Жўраев:

– Трамп тарийхый шахс, оның ис-ҳәрекетинде Америка тарийхында биринши мәрте бақланған көп фактлер бар. Мәселен, Қурама Штатлар жетекшисине қарсы бир неше мәрте жынаят иси ашылғанына қарамастан, ол гүресте жеңип шықты. Тәбийғый, сайланғаннан соң тергеў тоқтап, айыплаў пүткиллей бийкар етилди. Сондай-ақ, сайлаў процесинде оған еки мәрте қастыянлық исленди. Трамптың өзине тән сиясатшы: демократиялық партия жетекшилерин кескин сынға алып, сиясий процессти шөлкемлестириў ҳәм басқарыўға исбилерменлик көзқарасынан қатнас жасап, “пайда болса, орынлаймыз” усылын қолланып келмекте. Буннан тысқары, ол өзин “Америка америкалылар ушын” сүренин “беккем услап алған” басшы сыпатында көрсетти.

Ф.Жамолов:

– Дональд Трампты жеке амбициясы терең, мақтанышлы ҳәм өз күшине исеними менен ажыралып туратуғын басшы сыпатында тәрийиплеген болар едим. Ол өзин дүньяны бағдарлаўшы күшли шахс сыпатында көреди. Оның турмысқа көзқарасын ҳәм жетекшилик усылын талқылаўға ҳәрекет етемен.

– Трамп өзин гений есаплайды, бәрқулла табысқа ерисетуғынына исенип жасайды.

– Руўхый келбетинде айырым өзгешеликлер айқын көзге тасланады: күшли ерк-ықрар, садықлық, бейимлесиўшеңлик. Ол өзин дүньяға арнаўлы миссия менен келген шахс, деп биледи.

– Белгили бир мәселениң майда-шүйделерине көп итибар бермейди, жүзеки пикир билдириўи мүмкин.

– Авторитар ҳәм авантюристлик талап.

– Өзин “халық таңлаған лидер” деп сыпатлайды. Оның пикиринше, әйне усындай шахс ғана “америкалықлардыӊ әрманы”н иске асырыўы мүмкин.

– Өзин халықаралық дәрежедеги күшли шахслар менен өз-ара ҳүрмет тийкарында сөйлесиўши шахс сыпатында көреди.

– Трамп күшли жетекшилерди қәдирлейди: Путин, Си Цзиньпин, Нетаньяху, Эрдоған, Ким Чен Ин сыяқлы шахсларды унамлы мәнисте еслейди. Олар менен жеке байланыс орнатыўға умтылады.

– Трамптың сиясий көзқарасы консерватив пе ямаса прогрессив пе?

Ф.Жамолов:

– Трамптың сиясий көзқарасы тийкарынан консерватив принциплерге тийкарланған:

– Дәстүрий қәдириятлардың белсенди қорғаўшысы;

– Глобализм, либерал демократия ҳәм көп тәреплеме дипломатияны қаралайды;

Либерал күшлер, Демократиялық партия, Европа Аўқамы қурамындағы прогрессив партиялар, Канада ҳәм Скандинавия мәмлекетлериндеги “сол” ҳүкиметлерге қарсы;

– Европаның оң күшлери, Россия, Израил ҳәм басқа да консерватив қәдириятларға садық мәмлекетлерди қоллап-қуўатлайды;

– Трампқа тән көзқарас “америкалылар ушын – биринши гезекте Америка” сүрени тийкарында жаратылған.

С.Жўраев:

– Дональд Трамп реал емес сиясий парадигмаға әмел етеди: күшке тийкарланған мәмлекет мәпи, еки тәреплеме келисим, халықаралық институтлар емес, ал жетекшилер арасындағы жеке байланысларға итибар береди. Соған қарамастан, АҚШтың 46-президентин заманагөй консерватив ҳәм прогрессив идеяларды үйлестирген сиясатшы, деп айтыў мүмкин.

Мәселен, ол Американың қүдиретин тек ғана сақлап қалыў емес, ал және де беккемлеў, экономикалық ҳәм илимий технологиялық жақтан анық үстинликке ерисиў мақсетинде бир неше әҳмийетли қәдемлер таслады. Халықаралық бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыў, мәмлекет қәўипсизлигин тәмийинлеў, әсиресе жасалма интеллекттен нәтийжели пайдаланыў, ишки сиясатта мигрантларға қатаң мүнәсибетте болыў, нызамсыз мигрантларды мәмлекеттен шығарып жибериў, коррупцияға қарсы аяўсыз гүресиў мәселелеринде алдыңғы көзқарасларды алға қоймақта. Мәмлекетлик басқарыўдың нәтийжелилигин арттырыў ушын жуўапкер айрықша департаменттиӊ шөлкемлестирилиўи, барлық тараўларда терең тексериў өткерилип атырғаны, ҳәр қыйлы қәрежетлердиң қысқартылыўы, усы ўазыйпаларды орынлаўға исбилерменликтен жақсы хабардар болған Илон Маск жуўапкер етип тайынланыўы бул пикирге айқын мысал бола алады.

– Басқа мәмлекетлер менен саўда урысы ҳаққында не айта аласыз? Бул экономикалық стратегияның бир бөлеги ме ямаса дүнья базарында жеке ҳүкимдарлыққа умтылыў ма?

С.Жўраев:

– Саўда урысы – Трамп экономикалық стратегиясының ажыралмас бөлеги. Ол АҚШ сыртқы саўда дефицитин сынға алады. Өткен жылы бул көрсеткиш 918,4 миллиард долларды қурады. Оның пикиринше, басқа мәмлекетлер, әсиресе, Қытай мәмлекеттиң ашық базарынан пайдаланып, өз экономикасын АҚШ салық төлеўшилери есабынан байытпақта.

Трамп тариф сиясаты – бажы муғдарын арттырыў арқалы усы машқаланы шешиўге урынбақта. ҚХРды “жаза сыпатында” күшли тариф пенен жазалап, “мега-келисим” дүзиў арқалы мәмлекет дәраматын арттырмақшы. Жетекши бул урысты мәмлекет санаатын қайта тиклеў, жергиликли өндиристи күшейтиў ҳәм глобал жеткерип бериў шынжырын реформалаў ушын баслағанын айтпақта.

Дүнья базарында жеке ҳүкимдарлыққа умтылыў емес, ал Америка мәпин күшли қоргаўга қаратылған бул стратегия өз гезегинде протекцион, яғный қорғаў сиясаты.

– Трамп қарар қабыл етиўде жәмийетшиликтиӊ пикирин есапқа ала ма?

Ф.Жамолов:

Дәреклерде Трамп жәмийетшиликтиӊ пикирине қандай мүнәсибет билдиретуғыны анық сыпатланбаған. Бул тема бойынша төмендеги пикирлер тийкарында жуўмақ шығарыў мүмкин:

– Трамп өзин халық тәрепинен сайланған күшли жетекши есаплайды, жәмийет мәпин жеке көзқарасы арқалы аңлайды.

– Қарарды пайда ҳәм зыян тийкарында баҳалап, “деал-макер” – келисим дүзиўши сыпатында ҳәрекет етеди.

– Жәмийетлик пикир оның ушын екинши дәрежели, тийкарғы итибарды күш, пайда ҳәм нәтийжеге қаратады.

– Жеке байланыслар, күшли лидерлер менен сөйлесиўлерге көбирек итибар береди, демократиялық институтлар ямаса ғалабалық пикир менен аз есапласады.

Трамп ҳәкимшилигиниң халықаралық қатнасықларға тәсири глобал көлемде қалай көзге тасланады?

С.Жўраев:

Трамптың халықаралық сиясаты неореалистлик модельге тийкарланған:

– Халықаралық шөлкемлер, аўқам ҳәм бирлеспелер, көп тәреплеме келисимлерге емес, ал еки тәреплеме сөйлесиўлерге итибар береди.

– “Уллы Америка” идеясы арқалы АҚШтың миллий мәпин ҳәмме нәрседен жоқары қояды.

– Халықаралық келисимлерди қайта көрип шықпақта. Мәселен, Париж климат келисиминен шығыў, НАТОдан наразылық, Россияға қарсы санкцияны қайта көрип шығыў усыны аңлатады.

– Глобал машқалаларга тек АҚШ тиккелей мәпдар болганда гана араласады.

– Трамп сыртқы сиясатында турақлылық жетиспесе де, “АҚШ күши” ҳәм суверенитетин бәрқулла биринши орынға қояды.

Трамптың сиясий позициясындағы өзгериўшеңликти қалай баҳалайсыз? Себеби, соңғы ўақыялар даўамында ол қарарларын тез-тез өзгертип атырғаны көзге тасланбақта.

Ф.Жамолов:

Улыўма, Трамп сиясий қарарларды тез-тез өзгертетуғын, пикирин белгили бир жағдайға бейимлестиретуғын президент. Өзгериўшеңлик, жүзеки пикирлеў, детальларға айрықша итибар бермеў оған тән. Көбинесе қарарын өзиниң эмоционаллық жағдайы ямаса сыртқы жағдайға қарап шығарады. Бул қәсийет оған сиясий жағдайға тез бейимлесиў, қарсыласын күтилмеген жағдайға түсириў имканиятын береди. Стратегияны өзгертиўден қорықпаўы оны дәстүрий емес ҳәм динамикалық сиясатшы сыпатында көрсетеди. Бундай қарама-қарсы ҳәм тез-тез өзгериўши позициялар оның исенимли мағлыўматқа емес, ал көбирек жеке интуция ҳәм пайдаға тийкарланған мақсетти әмелге асырыў имканиятын береди.

Мусылман Зия сәўбетлести.

ӨзА