Өзбекстан халқына байрам қутлықлаўы

213

Қәдирли ўатанласлар!

Бәринен бурын, сиз, әзизлерди, көп миллетли пүткил халқымызды қутлы әййям- Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәм Екинши жер жүзилик урыста ерисилген уллы Жеңистиң 80 жыллығы менен шын кеўлимнен қутлықлап, бәршеңизге өзимниң жоқары ҳүрметим ҳәм жақсы тилеклеримди билдириўден бахтыярман.

Мине, усы толқынландырыўшы, соның менен бирге, аўыр күнлерде инсаниятты фашизм бәлесинен қутқарыўға мүнәсип үлес қосқан қаҳарман ата-бабаларымызды еслеп, олардың жарқын естелиги алдында бас ийемиз.

Бүгинги күнде Жаңа Өзбекстанды қурыўда алтынға тең пәтиялары, мәсләҳәтлери менен белсене қатнасып киятырған ҳүрметли урыс ҳәм мийнет ветеранларына айрықша қутлықлаў ҳәм миннетдаршылығымызды билдиремиз.

Тыныш ҳәм абадан турмыстың сақшылары улығланатуғын бул жарқын әййямда ғәрезсизлик жылларында Ўатанымыздың азатлығы, халқымыздың тынышлығын қорғаў жолында қаҳарманларша қайтыс болған мәрт әскерлеримиздиң естелигине ҳүрмет көрсетиў ҳәммемиз ушын ҳәм қарыз, ҳәм парыз болып табылады.

Әзиз дослар!

Инсаният тарийхындағы ең қорқынышлы қырғын болған Екинши жер жүзилик урыс дүнья халықлары, соның ишинде, елимиздиң басына салған аўыр қайғылар, шексиз апатшылық ҳәм жоғалтыўлар ҳеш қашан умытылмайды.

Бул – заман ҳәм мәкан шегарасын билмейтуғын ҳақыйқый мәртлик ҳәм қаҳарманлық жылнамасы болып есапланады.

Бундай уллы, даңқлы жеңиске мүнәсип үлес қосқан мәрт халқымыз бенен  қанша мақтансақ та арзыйды.

Кейинги жылларда жанкүйер илимпаз ҳәм қәнигелеримиздиң илимий излениўлери себепли Екинши жер жүзилик урыс тарийхының жаңа бетлери менен таныспақтамыз.

Ҳүжжетлердиң көрсетиўинше, фашизмге қарсы қанлы саўашларда сол ўақытта 6 миллион 800 мыңды қураған халқымыздың дерлик 2 миллионы қатнасқан. Соннан 540 мыңға шамаласы қайтыс болған, 158 мыңы бийдәрек жоғалған, 50 мыңнан асламы концлагерьлерде мисли көрилмеген қыйнаў ҳәм азаплар себепли қайтыс болған, 60 мыңнан асламы майып болып қайтқан.

Өзбекстанлы әскер ҳәм офицерлерден 214 мыңға шамаласы жаўынгерлик орден ҳәм медальлар менен сыйлықланғаны, 301 и Совет Аўқамы Қаҳарманы деген жоқары атаққа, 70 тен асламы үш дәрежедеги “Даңқ” орденине миясар болғаны, әлбетте, елимиз ўәкиллери тәрепинен урыс майданларында көрсетилген мәртликтиң жоқары әмелий тән алыныўы болып есапланады.

Мәмлекетимиз урыс жылларында фронттың беккем тәмийнат базасына айланғаны, республикамыздан саўаш майданларына оғада үлкен муғдарда әскерий техника, қурал-жарақ, дәри-дәрмақ, кийим-кеншек, азық-аўқат ҳәм басқа да зәрүр өнимлер жеткерип берилгени сол қайғылы дәўирдиң және бир умытылмас бетин қурайды.

Урыс оты астында қалған аймақлардан елимизге 170 тен аслам завод ҳәм фабрика көширип алып келинди, қысқа мүддетте 280 жаңа кәрхана қурылды.

Халқымыз оғада аўыр ҳәм қыйын шараятта урыс аймақларынан үлкемизге алып келинген 1 миллион 500 мыңға шамалас адамды, соның ишинде, ата-анасынан айырылған 250 мың жетим баланы қушағына алып, оларға меҳир-мүриўбет көрсетти.

Тарийх китабына мөрленген бундай мысалларды бүгин және бир мәрте еске алар екенбиз, ҳәр қандай жағдайда да инсаныйлық исенимине садық қалған уллы ҳәм кеңпейил халқымыздың уллы гуманистлик пазыйлетлерине алғыс айтамыз.

Қәдирли ўатанласлар!

Соңғы жылларда қаҳарман ата-бабаларымыздың өмири ҳәм ислери, мәртлиги ҳәм жигерлилигин терең үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў, жас әўладты олардың даңқлы дәстүрлери руўхында тәрбиялаў бойынша көп жумысларды әмелге асырмақтамыз.

Бул бағдарда Ташкент қаласында қурылған Жеңис парки, аймақлардағы “Ватанпарвар” парклери әҳмийетли роль атқармақта. Бул теберик орынлар қысқа мүддетте барлық ўатанласларымыз ҳәм сырт елли мийманлар ушын қутлы зыярат орынларына айланды.

Мине, усындай ийгиликли ислеримиздиң даўамы сыпатында Жеңис парки аймағында ана журт қалқанлары ҳүрметине қурылған және бир тарийхый естелик – Миллет пидайылары комплекси де, әлбетте, оғада үлкен әҳмийетке ийе.

Жүзлеген қайтыс болған баҳадыр әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлериниң атлары алтын ҳәриплер менен мөрлеп қойылған бул саўлатлы көркем естелик елимиз шын кеўилден умтылатуғын ҳәм мақтанатуғын және бир уллы орын болып қалатуғынына исенемен.

Ҳүрметли дослар!

Бүгинги күнде “Инсан қәдири ушын, инсан бахты ушын” деген жақсы идеялар турмысымызға барған сайын терең кирип бармақта.

Быйыл Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм майыпларына 10 мың АҚШ доллары муғдарында, усы категорияға теңлестирилген шахсларға 25 миллион сум, мийнет фронты қатнасыўшыларына 3 миллион сумнан бир мәртелик ақшалай сыйлықлары ҳәм “Екинши жер жүзилик урыстағы жеңистиң 80 жыллығы” юбилей медальлары тапсырылғаны ҳүрметли нураныйларымызға итибар ҳәм ғамхорлықтың және бир әмелий көриниси болды.

Урыс ветеранлары ҳәм майыплары ушын медициналық ҳәм социаллық хызметлер, соның ишинде, патронаж хызмети көрсетилмекте. Олар өз қәлеўлери бойынша, санаторийлерде емленбекте.

Усы қуўанышлы күнлерде халқымыз ҳүрметли кекселеримиз, урыс ҳәм мийнет ветеранларын зыяратлап, олардың пәтиясын алмақта.

Тийисли министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлер, әскерий бөлимлердиң басшылары қатнасыўында урыс ҳәм мийнет ветеранлары, ғәрезсизлик жылларында хызмет ўазыйпасын орынлаў ўақтында қайтыс болған әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлериниң шаңарақ ағзаларының ҳалынан хабар алынып, оларға зәрүр жәрдем көрсетилмекте.

Әлбетте, биз бүгинги тыныш, азат ҳәм еркин турмыс ушын өзиниң әзиз жанын аямастан гүрескен усындай пидайы инсанлардың алдында ҳәр қашан қарыздармыз. Олар буннан былай да мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиздиң меҳир, итибарын сезинип жасайды.

Әзиз ҳәм ҳүрметли ўатанласлар!

Ҳәзирги қыйын ҳәм қәўип-қәтерли заманда жасларымызды бәркамал инсанлар етип тәрбиялаў, елимиздеги тынышлық ҳәм турақлылықты, миллетлер ҳәм динлераралық татыўлықты сақлаў жолында қаҳарман ата-бабаларымыздың Екинши жер жүзилик урыс жылларында көрсеткен сабыр-тақаты биз ушын бәрқулла ибрат мектеби, күш ҳәм илҳам дәреги болып хызмет етеди.

Бул умытылмас әййямда сиз, әзизлерди, ҳүрметли ветеранларымызды, пүткил халқымызды және бир рет қызғын қутлықлап, бәршеңизге денсаўлық, бахыт ҳәм әўмет, шаңарақларыңызға қут берекет тилеймен.

Елимиз тыныш, халқымыз аман болсын!

 

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти