Исбилерменликке кең имканиятлар жаратылмақта

350

Усы жылдың 11-май күни пайтахтымызда  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың Нөкис қаласы, Тақыятас, Хожели ҳәм Нөкис районларындағы исбилерменлерди қыйнап киятырған машқалалар ҳәм усыныслары бойынша көшпели қабыллаўы болып өтти.

Ең дәслеп  республикамыз басшысы соңғы жыллары Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў, инвестициялық тартымлылықты арттырыў бойынша айрықша қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлары тийкарында жаратылған имканиятлар ҳаққында кең түрде атап өтилди. Буннан соң исбилерменлердиң мүрәжатлары тыңланды.
Қабыллаўда исбилерменлер тәрепинен тийкарынан өз бизнесин раўажландырыў бағдарында ушырасып атырған машқалалар, бюрократиялық тосқынлықлар, қаржыландырыў ҳәм кредит ажыратыў мәселелери, кадастр, қурылыс, жер орынларын ажыратыў бағдарларында мүрәжатлар билдирилди.

Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен барлық машқалалар тыңланып, билдирилген мүрәжатлардың көпшилигине орнында шешимин табыў илажлары көрилди. Ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар қадағалаўға алынып, тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги