Ушырасыў жасларға турмыс сабағы болды

9-май–«Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» ҳәм Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 80 жыллығы мүнәсибети менен Республикалық балалар мәлимлеме-китапхана орайында «Ҳешким, ҳеш қашан умытылмайды!» атамасында саз-сәўбетли, мәдений кеше болып өтти.
Кешеге Аўғанстан урысы қатнасыўшылары, Нөкис мәмлекетлик техника университети студент-жаслары, мектеп оқыўшылары, китапхана хызметкерлери ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Илажды Республикалық балалар мәлимлеме-китапхана орайы хызметкери Бәҳәргүл Мәмбеткәримова ашты ҳәм басқарып барды.
Кешеде Аўғанстан урысы қатнасыўшыларынан Мақсет Саўқиев, Тасқынбай Бекимбетов, журналист Адилбай Оразовлар илаж қатнасыўшыларын байрам менен қутлықлап, урыс жылларында халқымыздың басына түскен қыйын күнлер, қаза болған азаматлар туўралы кең түрде айтып берип, алдағы ўақытлары ҳеш қашан дүньяда урыс болмаўын тиледи.
Илажда қатнасыўшылар тәрепинен кеше мийманларына бир қатар сораўлар берилип, оларға жуўаплар алды.
Ал, Хожели районындағы 8-санлы улыўма орта билим бериў оқыўшылары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы болса, кешеге өзгеше заўық бағышлады.




-1987-жылдың август айынан 1989-жылдың 14-февралына шекем Аўғанстанда әскерий хызметте болдым,-дейди Тасқынбай Бекимбетов.-Әскерий хызметте болған ҳәр бир күн тек бизлер ушын емес, ата-ана ҳәм туўған-туўысқанларымыз ушын да оғада қәўетерли дәўир болып, оның аўыр зардабын пүткил халқымыз бастан өткерди. Сонлықтан бизлер көрген күнлерди жасларымыз ҳеш қашан көрмесин деймен. Илайым, елимиз тыныш, халқымыз абадан болсын!
Қарақалпақстан хабар агентлиги