Веб-сайт ийелери жумысының анық шәртлери белгиленеди

549

Бүгин интернет ҳәм социаллық тармақлар турмысымыздың ажыралмас бөлегине айланып үлгерди. Бул медиа әлеми инсанлардың информацияға болған талабын жедел қанаатландырыў, ўақыя-ҳәдийселерден хабардар болыў, жәмийеттеги әҳмийетли машқалаларды додалаўда әҳмийетли қурал болмақта. Мине, усындай шараятта онлайн-платформалар пайдаланыўшыларының ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин нызам тийкарында анық беккемлеп қойыў, пуқараларды жалған мәлимлемеден қорғаў үлкен әҳмийетке ийе.

Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги ўәкиллери тәрепинен бир қатар мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер, медиа тараўы экспертлериниң қатнасыўында тараўды тәртипке салыўшы тиккелей әмел ететуғын бир пүтин нызам жойбары ислеп шығылды.

Жойбардың мақсети – пуқаралардың онлайн-платформалар ҳәм веб-сайтлардан пайдаланыў тараўындағы ҳуқықларын нызам дәрежесинде белгилеў, оларды жалған мәлимлеме, ғәзеп оятатуғын, зорлық-зомбылық ҳәм мийримсизликти үгит-нәсиятлаўшы нызамсыз контенттен қорғаўдан ибарат. Онда онлайн-платформалар тараўындағы әмелдеги нызамшылық сезилерли дәрежеде либералластырылып, тәртипке салыўдағы әмелдеги бослықларды сапластырыўға қаратылған бир қатар нормалар нәзерде тутылған. Сондай-ақ, нызам жойбарында инфлюенсер ҳәм блогерлердиң жуўапкершилиги ажыратылып, блогерлердиң миннетлемелери сезилерли жеңиллетилмекте.

Ҳүжжет жойбарындағы нормалар онлайн-платформалар пайдаланыўшыларының ҳуқықларын нызам дәрежесинде беккемлеў, Интернет тармағында мәлимлеме тарқатыў тәртиплери бойынша ҳуқықый анықлық ҳәм избе-изликти тәмийинлеў, онлайн-платформалар ҳәм веб-сайт ийелери ушын Өзбекстанда жумыс алып барыўдың анық шәртлерин белгилеў, олардың бизнес модельлери ушын шараятларды анық болжаў имканиятын жаратыўға хызмет етеди. Сондай-ақ, мәлимлеме тараўы қатнасыўшылары, соның ишинде, онлайн-платформалар, блогерлер, инфлюенсерлер ҳәм тараўды тәртипке салыўшы мәмлекетлик уйымлар арасында өз-ара байланыс ҳәм конструктивлик бирге ислесиў ушын ҳуқықый тийкарларды жетилистиреди. Интернеттен пайдаланыў қәўипсизлиги дәрежесин арттырыў, балалардың денсаўлығына қәўип туўдырыўшы мәлимлемеден қорғаў бойынша анық механизмлерди жаратады.

Бул нызам жойбары парламенттиң төменги палатасының Инновациялық раўажланыў ҳәм мәлимлеме технологиялары мәселелери комитети тәрепинен Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги ҳәм медиа тараўы экспертлериниң қатнасыўында додаланып, оны жәмийетлик додалаўға қойыў бойынша жуўмаққа келинди.

ӨзА