Кибержынаятлардың алдын алыў ҳәм ашыўды күшейтиўге қаратылған стратегиялық баслама

Президентимиздиң «Мәлимлеме технологиялары жәрдеминде жүз берилетуғын жынаятларға қарсы гүресиў жумысын буннан былай да күшейтиўге қаратылған илажлар ҳаққында»ғы қарарының әҳмийети ҳаққында Ҳуқықты қорғаў академиясы баслығының биринши орынбасары Евгений Коленко мүнәсибет билдирди:
– Санлы технологиялар жедел раўажланыўы менен мәлимлеме системалары жәмийетлик турмыстың барлық тараўларына кирип келди. Бул халықтың әҳмийетли хызметлерден кеңнен пайдаланыўына ҳәм олардың сапасы менен жеделлигиниң артыўына шараят жаратты. Әҳмийетлиси, бул ашық-айдынлықты тәмийинлеў, ҳәр қыйлы бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыў ҳәм коррупция дәрежесин азайтыў имканиятын берди.

Бирақ санластырыўдың абзаллықлары менен бирге, қәўип-қәтерлери де бар екени сыр емес. Кибержынаятлар санының өсиўи менен бирге, олардың қурамаласып баратырғаны бақланбақта. Бул жынаятларды ислеў усыллары барған сайын қурамаласып бармақта. Фишинг ҳүжимлери, вируслар, жалған қоңыраўлар, шахс(дроп)лардан пайдаланыў схемаларына шекем, төлем системаларын бузыў ҳәм жеке мағлыўматларды урлаўға шекемги жынаятлар усылар қатарына киреди.
Бундай шараятта кибер қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўдеги барлық қатнасларды түп-тийкарынан модернизациялаўға талап күшейиўи тәбийғый жағдай. Нызамшылық, техникалық база, тәсир көрсетиў ҳәм кадрлар таярлаў механизмлери жағдайға қарап турақлы жетилистирилиўи керек.
Мәмлекетимиз басшысының жаңа қарары әне, усыған қаратылған. Бул ҳүжжет мәлимлеме технологияларынан пайдаланған ҳалда исленетуғын жынаятларға қарсы гүресиў тараўында бирден-бир ҳәм мақсетли мәмлекетлик сиясатты қәлиплестириўде әҳмийетли қәдем болды.
Коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңесиниң кеңейтилген мәжилисинде белгиленген тапсырмалардың орынланыўы шеңбериндеги бул қарар Өзбекстанда кибержынаятлардың алдын алыў ҳәм анықлаўға байланыслы илажларды ҳәр тәреплеме күшейтиўге қаратылған кең көлемли стратегиялық баслама болып есапланады. Онда бул түрдеги қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўдиң шөлкемлестириўшилик ҳәм ҳуқықый тәреплери қамтып алынған.
Бул қарар санлы қәўип-қәтерлердиң жедел өсиўи шараятында әҳмийетли ҳәм өз ўақтында қабыл етилген ҳүжжет болды. Қарарда тек ғана илажлар келтирилип ғана қалмастан, ал кибержынаяшылыққа қарсы гүресиў бойынша нәтийжели системаны жаратыўға болған бир тутас көзқарас усыныс етилген. Онда нызамшылық тәртипке салыў ҳәм техникалық шешимлерден баслап, профилактикалық илажлар, уйымлараралық ҳәм халықаралық бирге ислесиўге шекемги әҳмийетли бағдарлар қамтып алынған.
Қарарда санлы тараўдағы киберҳүжимлерден қорғаўды тәмийинлейтуғын беккем ҳуқықый тийкарды жаратыўға итибар қаратылғаны айрықша әҳмийетке ийе. Онда ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм қаржы шөлкемлеринен баслап, телекоммуникация компаниялары ҳәм пуқаралар, улыўма, барлық қатнасыўшылардың роли ҳәм жуўапкершилиги белгиленди.
Ҳүжжеттеги қағыйдаларды әмелге асырыў нәтийжесинде Өзбекстанда кибер қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў сезилерли дәрежеде жақсыланады. Себеби, тараўдың модернизацияланыўы қәўипсиз санлы орталықты қәлиплестириў имканиятын береди. Халықтың заманагөй технологияларға болған исенимин ҳәм мәлимлеме қәўипсизлиги тараўында мәмлекетимиздиң халықаралық абырайын арттырады.
Кибержынаятларға қарсы гүресиў тараўындағы потенциалды беккемлеўге қаратылған кең көлемли институционаллық ҳәм шөлкемлестириўшилик-әмелий илажларды әмелге асырыў қарардағы әҳмийетли бағдарлардан бири болып есапланады. Бул әпиўайы техникалық илажлар емес, ал мәмлекетлик уйымлар тийкарында заманагөй шақырықларға нәтийжели жуўап бере алатуғын беккем инфраструктураны жаратыў болып есапланады.
Атап айтқанда, Бас прокуратура системасында кибержынаятшылыққа қарсы гүресиў тараўында нызамлылықты тәмийинлейтуғын арнаўлы бөлим шөлкемлестириледи. Төменги прокуратура уйымларында да тап усындай бөлимлер қәлиплестириледи.
Прокурорлық қадағалаўды әмелге асыратуғын арнаўлы бөлимлердиң шөлкемлестирилиўи бул тараўда тергеўдиң нызамлылығын тәмийинлейди. Бул ҳуқықбузарлықларды оператив анықлаў, тергеў ҳәрекетлериниң сапасын арттырыў ҳәм жәбирлениўшилердиң ҳуқықларын қорғаўды күшейтиў және бундай категориядағы жумысларды тергеўдиң бирден-бир әмелиятын қәлиплестириў имканиятын береди.
Киберқәўиплер арнаўлы билим ҳәм көнликпелерди талап еткени ушын қарарда жоқарыда көрсетилген бөлимлер ҳәм Ҳуқық қорғаў академиясының барлық хызметкерлери усы жылдың 1-июлине шекем мәжбүрий қәнигелик арттырыў курсларында оқыўы нәзерде тутылған. Бул олардың санлы криминалистика, техникалық таллаў ҳәм мәлимлеме қәўипсизлиги тараўында ҳуқықты қолланыў әмелияты бойынша заманагөй билимлерге ийе болыўын кепиллейди.
Ҳуқық қорғаў академиясы Санлы криминалистика илимий-изертлеў институты қурамында Кибержынаяшылыққа қарсы гүресиў ҳәм санлы тергеўге жәрдемлесиў орайы шөлкемлестириледи.
Кибержынаятларды ислеў себеплерин ҳәм шараятларын илимий жақтан үйрениў орайдың әҳмийетли жумыс бағдарларынан бири болады. Тек ғана статистикалық таллаў емес, ал санлы орталықта жынаятларды ислеўге жәрдемлесетуғын социаллық-психологиялық, шөлкемлестириўшилик ҳәм техникалық факторлар терең изертленеди.
Кибержынаятларды тергеў ҳәм ашыў нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған илимий тийкарланған усынысларды ислеп шығыў екинши әҳмийетли бағдар болады.
Орай тергеў уйымларының әмелиятын таллаў, машқалалы жағдайларды анықлаў, санлы дәлиллер тактикасы, оларды жыйнаў ҳәм баҳалаў бойынша методикалық усыныслар бериў менен шуғылланады. Бул жынаят-процессуаллық жумыстың сапасын арттырыў ҳәм ашылмаған жынаятлар санын азайтыў имканиятын береди.
Санлы тергеў тараўында билимлендириў процесине методикалық жәрдем бериў орайының әҳмийетли ўазыйпаларынан бири болады. Оқыў бағдарламаларын жаңалаў жаңа курслар, семинар ҳәм тренинглер таярлаўда илимий қолланбалардан пайдаланылады. Бул, тек ғана юридикалық емес, ал зәрүр техникалық билимлерге ийе қәнигелерди таярлаў имканиятын да береди. Бул, әсиресе, жедел раўажланып атырған технологиялар ҳәм санлы мәканда жынаятшылықтың турақлы өзгериўшең түрлери шараятында жүдә әҳмийетли болып табылады.
Бул қарар елимизде киберқәўипсизликтиң заманагөй системасын қәлиплестириўде әҳмийетли қәдем болды. Турақлы санлы орталықты жаратыўда мәмлекет, жеке сектор ҳәм жәмийеттиң ҳәрекетлерин бирлестириўде әҳмийетли вектор ўазыйпасын да атқарады.
Норгул Абдураимова, ӨзА